Парламент төменги палатасының 27-июль күни болып өткен мәжилисинде депутатлар Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети баслығының «Өзбекстан Республикасында қоршаған орталықты қорғаў бойынша бағдарламалардың орынланыў жағдайы ҳаққында»ғы мәлимлемесин еситти.

Атап өтилгениндей, усы бағдарламаларды әмелге асырыўда тийкарғы итибар халық ҳәм мәмлекеттиң жасаў орталығы ҳәмде экологиялық қәўипсизлик дәрежеси ушын кепилленген және қолайлы шараятларды жаратыўға, технологиялық процесслерди ҳәмде тәбиятты қорғаў жумысын жетилистириўге, қоршаған орталықтың өндирис ҳәм хожалық жумысы шығындылары менен патасланыўының алдын алыўға, экологиялық билимлендириў ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлеринде билимлендириў тараўында тәбиятты қорғаўға байланыслы нызам ҳүжжетлерин ҳәмде нормативлик-методикалық базасын жетилистириў мәселелерине қаратылды. Усының менен бирге, тәбиятты қорғаў жумысын жетилистириў ҳәмде тәбийғый орталықтың трансшегаралық патасланыўының алдын алыўға байланыслы регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўге де үлкен итибар қаратылды.

Додалаўлар ўақтында депутатлар бағдарламалардың орынланбаған бәнтлериниң орынланыў сапасын ҳәмде усы илажларды әмелге асырыў ушын ажыратылған қаржылар және материаллық ресурслардың өзлестирилиўин сын көзқарастан талықлаў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан рационал пайдаланыў тараўындағы нызам ҳүжжетлерди және де жетилистириў мақсетке муўапық ененлигин атап өтти. Еситиў жуўмағында депутатлар тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усынысларды есапқа алған ҳалда Нызамшылық палатасының тийисли қарары қабыл етилди.

Соң депутатлар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый тәмийинлеўге қаратылған бир қатар әҳмийетли нызам жойбарларын көрип шықты.

Депутатлар жумысын Өзбекстан Республикасы Админстративлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шығыўдан баслады. Мүтәж шахсларға қыстаўлы яки кешиктирип болмайтуғын медициналық жәрдем көрсетиўден тийкарсыз бас тартқаны ушын   медицина шөлкемлериниң басшылары ҳәм хызметкерлерине жуўапкершилик белгилеўге қаратылған нызам жойбары бойынша қызғын пикир алысыўлар болды.

Көрип шығылып атырған нызам жойбарының қабыл етилиўи халықты ҳуқықый қорғаў ҳәм де пуқаралардың қәнигели медициналық жәрдем көрсетилиўине болған ҳуқықын тәмийинлеў, халыққа қыстаўлы жәрдем көрсетиў оперативлиги, сапасы ҳәм дәрежесин арттырыў ушын белгиленген әмелдеги нызамшылық базасын толтыратуғынлығы атап өтилди.

Соның менен бирге, депутатлардың пикири бойынша, ҳуқықый ҳүжжеттиң бул жойбары еле ақырына жеткерилиўи керек, онда мәмлекетимиз Президентиниң 2018-жыл 25-январьда қабыл етилген «Қыстаўлы медициналық жәрдем системасын жедел жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалар толық көринисин таппаған. Нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилгеннен соң жуўапкер комитетке фракцияның пикирлери ҳәм усынысларын есапқа алған ҳалда жойбарды екинши оқыўда көрип шығыў ушын нызам жойбарын ақырына жеткериў усыныс етилди.

Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм де нызамлы мәплерин қорғаўды тәмийинлеў профессионал юридикалық жәрдем сапасын, адвокат кәсибиниң абырайын арттырыў, сондай-ақ, суд ислерин жүргизиўде тең ҳуқықлылық ҳәм тартыс прициплерин толық әмелге асырыў мақсетинде ислеп шығылған адвокатура иниститутын жетилистириўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди.

Сондай-ақ, мәжилисте депутатлар нотариат институтын жетилистириў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шықты.

Атап өтилгениндей, нотариал  кеңселер жумысында суд-ҳуқық тарўында белгиленген ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыўға, экономикалық, шаңарақлық, мийрасқа, турақ-жайға ҳәм мийнетке байланыслы басқа келиспеўшиликлердиң алдын алыў ушын нотариат потециалынан толық пайдаланыўға тосқынлық етиўши көплеген машқала ҳәм кемшиликлер бар.

Нызам жойбарының мақсети физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўда нотариат институтының роли ҳәм әҳмийетин арттырыў, сондай-ақ, халыққа көрсетилип атырған нотариал хызметлердиң сапасын жақсылаў, келиспеўшиликлердиң алдын алыўшы институт сыпатында раўажландырыў, шахсларды нотариал жумысқа кириў имканиятын бериўши нәтийжели, ашық, нотариатты ҳадал ҳәм профессионал нотариал хызметлерин жоқары сапада көрсете алатуғын қәнигелер менен толықтырыў системасын жаратыўға қаратылған.

Депутатлардың атап көрсетиўинше, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи нотариатты ескертиўши әдил судлаў институты сыпатында және де раўажландарыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, заманагөй информация-коммуникациялық технологиялардан пайдаланыў есабына мәмлекетлик хызметлердиң көрсетиў сапасын ҳәм оперативлиги артады.

Буннан соң суў, электр ҳәм газ тәмийнаты хызметлери ушын төлеў тәртибин беккемлеўди, сондай-ақ, тутыныўшылардың жуўапкершилигин арттырыў нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Үй-жай кодексиниң 134-статьясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиўге байланыслы нызам жойбары көрип шығылды.

Қызғын пикир таласларынан соң нызам жойбарлары биринши оқыўда қабыл етилди ҳәм де додалаў ўақтында билдирилген пикирлер ҳәм усынысларды есапқа алған ҳалда нызам жойбарларын екинши оқыўға таярлаў ўазыйпасы жуўапкер комитетлерге жүкленди.

Сондай-ақ, мәжилисте Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине кириўши басқа да мәселелер көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети