Мәмлекетимиз басшысы соңғы жети жылда барлық аймақлар сыяқлы Ташкент ўәлаятында да үлкен унамлы өзгерислер болғанын атап өтти.
Ўәлаят экономикасы 1,5 есеге өсип, өткен жылы 119 триллион сумлық қосымша қун жаратылып, исбилерменлер 16 мыңға көбейип, 170 мың турақлы жумыс орны пайда болды.
Ўәлаятта 6 миллиард долларлық 826 жаңа санаат кәрханасы иске қосылды, 5 миллиард долларлық экспорт болды.
Солардың нәтийжесинде өткен төрт жылда 70 мың, быйылғы жылдың өзинде болса 19 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылды.
Ташкент ўәлаятының аймағы 15 мың квадрат километр болып, Әндижаннан 3,5 есеге көп. Ўәлаят район ҳәм қалалар саны бойынша республикада биринши орында. Бирақ ўәлаят өз имканиятларының ярымын да пайдаланбай атырғаны көрсетип өтилди.
ӨзА