Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятына сапары ўақтында Янгийўл районындағы «Тынышлық» киши санаат зонасында болып, бир қатар кәрханалардың жумысы пенен танысты.

Аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, исбилерменлик жумысы ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде бундай комплекслердиң әҳмийети үлкен. Бул санаат зонасы төрт жыл алдын отыз алты гектар майданда шөлкемлестирилген еди. Инженерлик инфраструктурасы, ишки жоллар ҳәм имаратлар қурылып, өндирис ушын қолайлы шараят жаратылды.

Бул жерге қурылыс материаллары, жеңил санаат, азық-аўқат тармақларында он бес жойбар жайластырылған. Соннан оны иске қосылған. Оларда өткен жылы 295 миллиард сумлық импорттың орнын басыўшы өнимлер ислеп шығарылған. Усы жылдың жуўмақлары бойынша бул санды дерлик еки есеге көбейтиў мақсет етилген. Ҳәзирше бул кәрханаларда 1 мың 500 ден аслам адам мийнет етпекте. Барлық жойбарлар иске қосылса, бәнтлик және артады.

«Enter Steel» кәрханасында металл конструкциялар, жоқары басымға шыдамлы резервуарлар, жүк көтериўши кранлар, бурғылаў үскенелери, кепсерлеў электродлары, металл есик, электр қутылар ислеп шығарыў жолға қойылған.

Бул жойбардың баҳасы 40 миллион доллар болып, оған тиккелей сырт ел инвестициялары қаратылған. Бул жерге Қытай, Япония, Россия, Түркия, Италия, Испания, Германия ҳәм Нидерландия сыяқлы мәмлекетлерден үскенелер келтирилген. Бул болса өнимлердиң сапасы ҳәм өнимдарлығы жоқары болыўына хызмет етпекте.


Кәрханада жәми 1 мың 500 адамды жумыс пенен тәмийинлеў имканияты бар. Зәрүр қәнигелерди таярлаў ушын «Әмелий моноорай» шөлкемлестирилген. Оқыў ханалары ҳәм лабораториялар заманагөй үскенелер менен тәмийинленди. Билимлендириў бағларламасы болса Ташкент мәмлекетлик техника университети менен биргеликте ислеп шығылған.


Мәмлекетимиз басшысы кәрхананың жумыс процесин көзден өткерди, бул жерде таярланып атырған өнимлер көргизбеси менен танысты.



Жуўапкерлерге кәрхана өнимлери зәрүр болған тармақлар менен кооперацияны раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА