Елимизде шаңарақтағы қатнасықларды беккемлеў, ажырасыўлардың алдын алыў, шаңарақларда тынышлық ҳәм татыўлықты, өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик пазыйлетлерин қәлиплестириў мақсетинде бир қанша илажлар әмелге асырылмақта.

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңестиң 2018-жыл 16-июльдеги 15-санлы мәжилис баянламасы менен барлық пуқаралар жыйынларында усы жыл 1-25-август күнлери «Биз шаңарақтағы ажырасыўларға қарсымыз» атамасындағы шаңарақлық қатнасықларды беккемлеў айлығын өткериў белгиленген.

Усы айлықты шөлкемлестириў ҳәм өткериў Концепциясын Сизлердиң дыққатыңызға усынып отырмыз.

 

 «БИЗ ШАҢАРАҚТАҒЫ АЖЫРАСЫЎЛАРҒА ҚАРСЫМЫЗ» ТЕМАСЫНДА ШАҢАРАҚЛЫҚ ҚАТНАСЫҚЛАРДЫ БЕККЕМЛЕЎ АЙЛЫҒЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲӘМ ӨТКЕРИЎ

КОНЦЕПЦИЯСЫ

Беккем шаңарақ – мәмлекет таянышы, оның исенимли келешеги, миллеттиң абырайын жоқарыға көтеретуғын мийрим-шәпәәт, мәнаўият ошағы болып есапланады. Шаңарақ – жәмийеттиң түп негизи болып, ең тийкарғы тәрбия дәргайы.

Шаңарақ кишкене бир Ўатан, жәмийеттиң тийкары, ҳар бир халықтың, миллеттиң даўамлылығын тәмийинлейтуғын, миллий қәдриятларды раўажландыратуғын, әўладлардың өмир шынжырын беккемлейтуғын, мәнаўий бәркамал әўладты дүньяға келтирип, оны кәмил инсан етип тәрбиялайтуғын муқаддес дәргай болып табылады.

Ҳәммемизге белгили, шаңарақ-турмыс қатнасықлары бәрқулла да бир тегис, машқаласыз, ойдағыдай болмайды. Бахыт саўға етилмейди, оған машақатлар, сабырлылық арқалы ерисиледи. Перзентлердиң кәмил инсан болып ер жетиўи,  бәринен бурын, шаңарақтағы мийрим-шәпәәт ҳәм садықлық орталығы, берекет ҳәм қәтиржамлыққа ҳәр тәреплеме байланыслы.

Шаңарақлық қатнасықларды беккемлеў, шаңарақларда тынышлық ҳәм татыўлықты, руўхый саламат ҳәм жоқары мәдениятлы орталықтың турақлылығын тәмийинлеў, шаңарақтағы келиспеўшиликлер, жәнжеллердиң алдын алыў, бар жағдайды сапластырыў, ата-ананың саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаўдағы орнын ҳәм ролин, шаңарақлардың беккемлигин тәмийинлеўдеги жуўапкершилигин арттырыў, қәйинене-келин, қуда-қудағайлық қатнасықларды өз-ара ҳүрмет, меҳир-мириўбет ҳәм аўызбиршилик принциплерине тийкарланыўына ерисиў сыяқлы мәселелерге халықтың итибарын қаратыў, кеңнен сәўлелендириў, додалаў үлкен әҳмийетке ийе.

Бүгинги күнде ҳәр бир шаңараққа кириўге, машқалаларын үйрениўге қатаң итибар қаратылып атырғаны тегин емес. Жәмийетлик турмысымызға байланыслы болған барлық сораўларға, машқалаларға жуўап шаңараққа барып тақалатуғыны өзин әмелий жақтан дәлиллемекте.

Шаңарақтағы кеўилсиз жағдайлар тек ғана ерли-зайып, үлкенлердиң психологиясына тәсир етип қоймастан, ал жас өспиримлерде де унамсыз тәсирлерди қәлиплестиреди.

Айырым жаслардың дүньяға қызығыўшылығы, менменликке берилиўи, шаңарақтағы руўхый тийкардың әззилиги, өз-ара келиспеўшилик, келин ҳәм күйеўдиң шаңарақлық турмысқа таяр емеслиги, ерте турмыс қурыўдың ақыбетлери, ер ямаса зайыптың зыянлы әдетлерге бейимлиги, сондай-ақ, қайыната, қәйинене, келин ямаса басқа туўысқанлардың келиспеўшиликли қатнасықлары шаңарақтағы ажырасыўларды пайда етпекте.

Ерте ҳәм жақын туўысқанлар арасындағы некелер, жат идеяларға берилиўи, өз жанына қастыянлық етиў, жынаятшылық сыяқлы унамсыз иллетлер, той-дәбдебелер, шаңарақлық мәресимлерди өткериўде унамсыз ҳәўеслерге берилиў сыяқлылар да шаңарақлардағы социаллық-руўхый қатнасықлар тең салмақлылық бузылыўына, нәтийжеде ажырасыўлардың жүзеге келиўине себеп болмақта.

Шаңарақлардағы ажырасыўлардың, өз-ара келиспеўшиликтиң, ҳәр қыйлы унамсыз жағдайлардың алдын алыў ушын ҳәмме бир жағадан бас шығарып аўызбиршиликте үгит-нәсият жумысларын турақлы алып барыўы зәрүр. Шаңарақтың тынышлығы, қәтержамлығы мәҳәллелердиң абаданлығын, жәмийеттиң раўажланыўын ҳәм пәраўанлығын тәмийинлейди.

Усы мүнәсибет пенен Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңес  бирге ислесиўши министрликлер ҳәм шөлкемлер менен биргеликте республика бойынша 2018-жыл 1-25-август күнлери «Биз шаңарақтағы ажырасыўларға қарсымыз» темасында шаңарақлық қатнасықларды беккемлеў айлығын өткериўди режелестирди.

ЖОЙБАРДЫҢ МАҚСЕТ ҲӘМ ЎАЗЫЙПАЛАРЫ

Шаңарақ институтын беккемлеў, шаңарақтағы ажырасыўлардың алдын алыўға қаратылған кең көлемли жумысларды биргеликте әмелге асырыў;

жасларда шаңараққа ҳүрмет сезимлерин күшейтиў;

халыққа шаңарақлық тәрбияның оғада әҳмийетлилигин түсиндириў;

келиспеўшиликли шаңарақлардағы орталықты турақластырыў арқалы шаңарақтағы ажырасыўлардың алдын алыў;

ерте ҳәм туўысқанлар арасындағы некелердиң алдын алыў;

ҳаял-қызлардың ҳуқықый мәдениятын арттырыўға қаратылған илажларды өткериў;

шаңарақтың жәмийеттеги орнын буннан былай да арттырыў ҳәм беккемлеў;

шәрият некелери тийкарында турмыс қурыў жағдайлары көп болған аймақларда нызамшылықта белгиленген неке дүзиў тәртибин ҳәм шәртлерин, ПҲАЖ уйымларында рәсмийлестирилген неке ғана шаңарақ қурғанлар арасында өз-ара ҳуқық ҳәм миннетлерди жүзеге келтиретуғынын кеңнен түсиндириў;

жасларға ерте некениң унамсыз ақыбетлерин түсиндириў, шаңарақларда медициналық мәдениятты арттырыў, жаслар арасында саламат турмыс тәризи принциплерин қәлиплестириў;

узақ жыллар бахытлы турмыс қурып киятырған, перзентлериниң турмыста мүнәсип орын ийелеўине ерискен ата-аналардың, бахытлы шаңарақ ўәкиллериниң турмысын ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў;

шаңарақта жәмийетлик-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў, ата-ана жуўапкершилиги, шаңарақтағы ажырасыўлардың алдын алыў, ажырасыўлардың унамсыз ақыбетлерин аймақлық ҳәм орайлық телеканаллардағы ток-шоуларда додалаў;

той ҳәм басқа да мәресимлер, марҳумларды еслеўге бағышланған илажларды өткериўде жол қойылып атырған даңқпаразлық, өтирик абырай арттырыў, әтирапта жасап атырған адамлардың ҳал-жағдайын инабатқа алмаў, халқымыздың үрп-әдетлерин ҳәм дәстүрлерин менсинбеўшилик сыяқлы иллетлердиң шаңарақлардың беккемлигине унамсыз тәсирин халыққа түсиндириў.

 

ЖОЙБАРДЫҢ ТИЙКАРҒЫ ИДЕЯЛАРЫ

 

Шаңарақта перзент тәрбиясы, әсиресе, жасларды шаңарақлық турмысқа ҳәр тәреплеме таярлаў, ерте некелердиң алдын алыў, шаңарақ қәдриятларын буннан былай да раўажландырыў;

шаңарақлық қәдриятларды кеңнен ен жайдырыў;

машқалалы шаңарақлар менен ислесиўде шөлкемлердиң ҳәрекетлерин ҳәм имканиятларын бирлестириў;

болажақ шаңарақлардағы руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў;

шаңарақ ағзалары арасында мийрим-шәпәәт сезимлерин беккемлеў;

пуқаралар жыйынларының Жарастырыў комиссияларының ролин ҳәм орнын арттырыў.

Жойбар профилактикалық характерге ийе.

 

ЖОЙБАРДЫ ӨТКЕРИЎ БОЙЫНША ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ

Пуқаралар жыйынлары хызметкерлерине шаңарақлар менен ислесиў бойынша кәсиплик шеберлигин арттырыў бағдарында семинарлар шөлкемлестириў;

шаңарақлық тәрбияның үстинлиги ҳаққында жәмийетшиликтиң пикирин қәлиплестириў мақсетинде ғалаба хабар қураллары арқалы ҳәм ҳәр қыйлы социаллық акциялар өткериў жолы менен шаңарақлық қәдриятлардың өзине тән өзгешеликлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў;

ерли-зайып, ата-ана ҳәм перзентлер арасындағы қатнасықларды беккемлеў, заманагөй шаңарақларды қәлиплестириў мәселелерине қаратылған илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў.

Үлгили шаңарақларды ажырасыў жағдайына келип қалған шаңарақларға бириктириў:

шаңарақлық келиспеўшиликлерди сапластырыўда Жарастырыў комиссиялары, «Қәйинене кеңеслери», «Нуранийлер жәмийетлик кеңеслери»ниң ролин арттырыўға қаратылған илажларды белгилеў;

тынышлығын жойытқан, тәрбиясыз, жынаятшылыққа бейим болған ямаса профилактикалық дизимде туратуғын ағзасы болған шаңарақлар менен ислесиўде шаңарақ, мәҳәлле ҳәм билимлендириў мәкемелериниң бирге ислесиўин күшейтиў;

шаңарақлар арасындағы спорт илажларын шөлкемлестириў;

үлгили шаңарақлардың турмысы ҳәм жумысы ҳаққында көрсетиўлер, мақалалар таярлаў, олардың қатнасыўында ушырасыўлар, таңлаўлар шөлкемлестириў;

ЖОЙБАРДЫҢ БИРГЕ ИСЛЕСИЎШИЛЕРИ

 

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңеси;

Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети;

«Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы;

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы;

Өзбекстан мусылманлары мәкемеси;

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы;

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги;

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги;

Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы;

Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлиги.

 

КҮТИЛИП АТЫРҒАН НӘТИЙЖЕЛЕР

 

Шаңарақларда, мәҳәллелерде жәмийетлик-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеўге, жоқары әдеп-икрамлылық, ҳүрмет-иззет орталығын жаратыў, ийбе, ар-намыс, садықлық, мәртлик, жигерлилик, ҳадаллық, мақтаныш, өз-ара ҳүрмет, дослық, татыўлық сыяқлы пазыйлетлерди сиңдириўге үлес қосады.

Шаңарақтағы ажырасыўларды, ерте неке, өз жанына қастыянлық етиў, ҳәр түрли көринистеги ҳуқықбузарлықлардың ҳәм жынаятшылықлардың алдын алыўға жәрдем береди.

Алып барылған үгит-нәсиятлаў илажлары, әмелий жумыслар нәтийжесинде келиспеўшиликли шаңарақлардағы қатнасықлар жақсыланады, ажырасыў жағдайында турған шаңарақ ўәкиллери келисимге келеди.

    *   *   *                            *   *   *                                      *   *   *

Концепцияны әмелге асырыўда белсене қатнасыў ҳәр биримиздиң пуқаралық миннетимиз болыўы менен бирге, жәмийеттиң тийкарғы буўыны есапланған шаңарақты беккемлеўге қосқан үлкен үлесимиз болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги