Бурын хабар берилгениндей, Ташкент қаласында IV Пүткил жер жүзилик креатив экономика конференциясының екинши күнги илажлары болып өтпекте.
Бул әнжуман бағдарламасы бир қатар темаларды өзинде жәмлеген. Онда тек ғана пленар мәжилислер, панел додалаўлар емес, ал мәдений илажлардың өткерилиўи де нәзерде тутылған. «Креатив экономика дослары» («Friends of Creative Economy») форумы креатив экономиканың халықаралық майдандағы ролин додалаўға қаратылғаны менен және де әҳмийетли.
75 мәмлекеттен 2 мыңнан аслам креатив тараў басшылары ҳәм жетекшилери тема шеңберинде өз жетискенликлери ҳәм имканиятларын көрсетип атырғаны бул илаждың абырайын арттырмақта.
Россиядағы Стратегиялық басламалар агентлиги Креатив экономиканы раўажландырыў орайының директоры Екатерина Черкес-Заде әнжуман кең көлемде шөлкемлестирилгенин атап өтти. Оның атап өтиўинше, бул орайдың жумысы мәмлекеттиң раўажланыўын турақлы ҳәрекетлендириўши факторы сыпатында креатив экономика, дөретиўшилик тараўларды раўажландырыўдың системалы қуралларын ислеп шығыў ҳәм интеграциялаўға қаратылған.
– Биз әнжуманда 40 тан аслам қәниге менен қатнасып атырмыз. Әлбетте, өз-ара бирге ислесиў биз ушын жүдә әҳмийетли. Илажда өз жойбарларымызды усындық. Халықаралық әҳмийетке ийе болған илаж ҳәр қыйлы темаларды қамтып алғаны менен итибарлы болып есапланады. Биз ушын ең әҳмийетлиси сонда, Россия ҳәм Өзбекстан бул бағдар бойынша тығыз бирге ислеспекте,-деди Е.Черкес-Заде.
Британия Кеңесиниң креатив экономика бағдарламасы директоры Рехана Мугал өз елиниң креатив экономика бойынша жақсы нәтийжелерге ерискенин атап өтти.
– Уллы Британия креатив экономика бойынша жетекшилик етеди. Себеби, биз көплеген тараўлардың раўажланыўында креатив қатнасқа айрықша әҳмийет қаратқанбыз. Улыўма, жәмийетлик турмыстың гүллеп-жаснаўы, өсиўи тек ғана қаржыға емес, ал басқа тәреплерге де байланыслы. Кейинги ўақытта биз саламат турмыс тәризине үлкен итибар қаратқанымыз ушын барлық тараўлар теңдей раўажланбақта. Жасалма интеллекттиң жумыс орынларына тәсири бар екенлиги себепли, бүгин креатив экономиканың имканиятларын және де анық көрсетиўимиз зәрүр. Әнжуманның биринши күнинде бул бағдарда ерисилген жетискенликлеримиз ҳаққында айтып бердим,-деди Р.Мугал.
Қазақстан Республикасы Мәденият ҳәм мәлимлеме министриниң орынбасары Евгений Кочетовтың атап өтиўинше, IV Пүткил жер жүзилик креатив экономика конференциясы регионда шөлкемлестирилген тийкарғы илаж болып есапланады.
– Бул әнжуманға қатнасқанымыздан қуўанышлымыз. Қалаберди, ол туўысқан Өзбекстанда өткерилмекте. Бул әнжуман региондағы тийкарғы илаж болып есапланады. Биз Өзбекстан сыяқлы креатив индустрияны раўажландырыўға үлкен итибар қаратып атырмыз. Бизге белгили, парламентте бул бойынша нызам жойбары көрип шығылмақта ҳәм ол бул жерде қабыл етилетуғынынан хабардармыз. Әнжуманға үлкен делегация менен келгенбиз. Олар да креатив экономиканы раўажландырыў бағдарындағы қәнигелер болып есапланады. Сондай-ақ, илаж шеңберинде министрликтиң ушырасыўы да шөлкемлестириледи,-деди Е.Кочетов.
Насиба Зиёдуллаева, ӨзА