Президент Пәрманына бола, 2026-жыл 1-январьдан аймақларда шығындылар менен ислесиў дәрежесин арттырыў ҳәм бул бағдарда ашықлықты тәмийинлеў, жәмийетшиликтиң ролин арттырыў, исбилерменлер ҳәм халық арасында қайта байланысты толық жолға қойыўды нәзерде тутыўшы төмендегилер әмелге асырылады:

шығындылар менен байланыслы хызметлерди исбилерменлерге бериў бойынша өткерилетуғын тендер процесин онлайн бақлаў имканиятын жаратыў;

санитариялық тазалаў кәрханалары тәрепинен шығынды жыйнаў шақапшаларына видеобақлаў камераларын орнатыў ҳәм шақапшалардың жумысын халық тәрепинен бақлаў имканиятын жаратыў;

шығындыларды тасыў менен шуғылланыўшы барлық арнаўлы техникаларға онлайн бақлаў (GPS) системасын орнатыў;

санитариялық тазалаў кәрханалары ҳаққында толық мағлыўмат бериў, көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы ҳәм көлеми бойынша шағымларды қабыллаў ҳәм санитариялық тазалаў кәрханалары менен қайта байланыс ушын «Call орайы» жумысын жолға қойыў;

санитариялық тазалаў кәрханалары хызмет көрсетиўши аймақлардың географиялық шегарасы ҳәм халық, ҳәм юридикалық шахсларға бириктирилген шығындыларды жыйнаў майданшалары (контейнер) жайласыўы ҳаққында анық мағлыўматлар бериў;

абонентлердиң пайда болған шығындыларын алып шығып кетиў графигин көрсетиў.

Қарақалпақстан хабар агентлиги