Олам узра янграйвер, "Шарқ тароналари"

Самарқанд қаласында 28-август күни «Шарқ тароналари» XI халықаралық музыка фестивалының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Усы күнлерде ҳәр қыйлы халықлардың ўәкиллери менен мәдениятлар ушырасқан мәнзил – Самарқандта қос байрам кейпияты гезбекте. Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 26 жыллық байрамына ҳәм «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалына көрилген пуқта таярлық қалаға өзгеше пайыз ҳәм шырай берген. Гөззал бағлар менен қыябанлар, жақты көшелердиң саўлаты, ҳәр қыйлы гүллердиң ийиси ҳәр бир адамға көтериңкилик бағышлайды. Дүньяның ҳәр қыйлы регионларынан келген ҳәр қыйлы адамлардың жүзинде қанаатланыўшылық, өз-ара шын жүректен қатнас Самарқандта үлкен байрам басланып атырғанынан дәрек береди.

…Бибихоним мешитинде бир топар шет елли мийманлар жүр. Реңи, тили, кийиниўи ҳәр қыйлы. Бирақ, жүз-көзлеринде бир қыйлы көринис: қәтержамлық, өз-ара шын-жүреклик қанаатланыўшылық. Олар «Шарқ тароналари»нда қатнасыў ушын Ҳиндстан, Австралия, Германия ҳәм Эквадордан келген. Австралияның “Zulya and the children of the underground” жәмәәтиниң сазендеси Колин Филлип Жонның айтыўынша, ол бул жерге еле қала таң липасын кийместен бурын келген. Себеби менен қызықсындық.

– Жергиликли халық қуяш нурлары дәслеп усы медресиниң гүмбезине түседи, Самарқандта таң Бибихоним мешитинен басланады, деди. Буны өз көзим менен көриў ушын келдим. Оғада әжайып көринис. Бундай көринисти басқа жерде ушыратпайсыз. Нешше әсирлер бурын уллы Саҳыпқыран Әмир Темур да таңды ҳәзир биз турған жерде өз ярына арнап қурдырған мине, усы саўлатлы имаратқа термилип бақлаған болыўы керек! Тәсирлерим шексиз. Бул әпсаналы қала туўралы айырым нәрселерди еситкен едим. Лекин бул жерде билгенлерим, көргенлерим бир дүнья. Еситкеннен көре көрген абзал, деген сөздиң шынлығына және бир мәрте исеним пайда еттим. Елиңиз менде үлкен тәсир қалдырды. «Шарқ тароналари» пүткил дүнья көркем өнер хызметкерлериниң өзине тән байрамы. Онда қатнасып атырғанымнан қуўанышлыман.

Көркем өнер – адамлардың арзыў-нийети, қуўанышы ҳәм шадлығы, әрман менен тәшўишлери, ишки кеширмелерин сәўлелендиретуғын қурал. Художник, жазыўшы менен шайыр сүўретлеп бере алмаған сезимлер музыкада толық өз көринисин табады. Оны түсиниў, тәсирин сезиў ушын дилмаш шәрт емес. Музыка халықларды, ҳәр қыйлы миллет ҳәм елатларды бир-бирине танытады, жүректен жақынластырады.

Бүгин Самарқандқа келген адам әне, усындай байрамға тән, дослық руўхындағы орталықтың гүўасы болмақта. Бул жерде Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың басламасы менен 20 жыл бурын тийкар салынған «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы он биринши мәрте өткерилмекте.

Ҳәр еки жылда шөлкемлестирилип атырған «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы дүнья халқының өз-ара мәдений пикирлесиўге болған талабын әмелге асырыўда шексиз қурал болып хызмет етпекте.

6.JPG

28-август, 19.10. Самарқанд, Регистан майданы.

Шердор, Тиллакори, Мырза Улығбек медреселери қуяш нурынан жайнап турған гүллердиң сәўлесинде және де гөззал ҳәм саўлатлы көринеди. Бийтәкирар амфитеатрды пайда еткен бул саўлатлы естеликлер әнжуманға өзгеше руўх, уллылық бағышлаған. Майдан «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалының салтанатлы ашылыў мәресимине жыйналған тамашагөйлер менен толы. Олардың арасында әнжуман қатнасыўшылары ҳәм мийманлары, көркем өнер ықласбентлери, музыкатаныўшы илимпазлар, шет елли ҳәм жергиликли журналистлер, туристлер бар.

Фестиваль қатнасыўшылары менен тамашагөйлер Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевты қол шаппатлаўлар менен күтип алды.

Кернай-сырнай, дәп сазлары жаңлайды.

Сөз Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа берилди.

Мәмлекетимиз басшысы «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы қатнасыўшылары менен мийманларды қутлықлап, бул әнжуманның терең инсаныйлық руўхы ҳәм философиясы, халықлар арасында дослық байланысларды беккемлеў, мәдений пикирлесиўди раўажландырыў, классикалық музыка дәстүрлерин қәстерлеп сақлаўдағы әҳмийетине тоқтап өтти, фестивальдың жумысына табыс тиледи.

Халықаралық музыка фестивалының ашылыўына бағышланған театрластырылған концерт бағдарламасы басланды. Майдан бойлап сыйқырлы нама таралады. Ҳаўаз әсте-әсте пүткил денеңизге кирип барады. Бул ләззеттиң теңи-тайы жоқ. Музыканың дизгининдемиз. Сыйқырлы нама тәсиринде жыллы елеслер ядқа түседи, гейде өмириңиз бойы барып көрмеген орынларды көз алдыңызда сәўлелендиреди. Бул наманың сыйқыры, ҳаўаздың заўқы, музыканың қүдирети болып табылады.

Дүнья халықларын бирлестиретуғын бундай фестиваль не ушын әйне Самарқандта өткериледи! Бул сораўға тарийхтың өзи бийкарлап болмайтуғын мысаллар менен жуўап берген.

Дәреклерге қарағанда, Батыс ҳәм Шығыс арасында саўда-сатық, мәдений байланыслар әйне Самарқанд арқалы әмелге асырылған. Бул қала, әне, усы еки континентти байланыстырған Уллы  жипек жолының орайы есапланған. Қаланың саўдагерлери Қытай, Иран, Египет, Ҳиндстан, Византия менен саўда-сатық ислеген. Әйне усы жерде Батыс пенен Шығыс мәдениятлары өз-ара байланысқан, бир-бирин байыткан. Сонлықтан Батыста-Рим, Шығыста-Самарқанд деген ибара пайда болған. Бул еки қала инсаният тәғдиринде уллы өзгерислер ислегени ушын «Мәңги қала» атын алған.

Уллы бабамыз Әмир Темурдың Маўереннаҳрға ҳүкимдар болыўы Самарқанд тарийхында жаңа бет ашқан. Әмир Темур ҳәм Темурийлер ҳүкимранлығы дәўиринде Самарқанд салтанат пайтахты сыпатында Шығыстың ең гөззал қаласы болыўы менен бирге, ири экономикалық, сиясий, мәдений орайға айланған. Қала қорғанының ишинде еки саўлатлы сарай – Көксарай ҳәм Бостансарай, өнерментлик устаханалары, саўда орынлары, кәрўан сарайлар, емлеўханалар менен басқа да мәдений турмыслық имаратлар қурылған. Бағы Бейиш, Бағы Дилкушо, Бағы Шамол, Бағы Баланд ҳәм басқа да бағлардың даўрығы дүньяға таралған. Бибихоним Жомеъ мешити, Әмир Темур мавзолейи, Шохи Зинда комплекси, Мырза Улығбек медресеси сыяқлы көплеген белгили архитектуралық естеликлер бүгинги күнге шекем дүньядан туристлерди өзине тартып келмекте.

Өз заманының үлкен илимий орайларынан бири болған Самарқандта Мырза Улығбек, Хожа Аҳрор Вали, Қозизода Румий, Али Қушчи, Шарафиддин Али Яздий, Давлатшох Самарқандий, Әлийшер Наўайы, Абдураҳмон Жоми сыяқлы уллы бабаларымыздың излери бар. Қаншадан-қанша уллы мәмлекетлик ғайраткерлер, сәркардалар, дөретиўшилер бул қаланы зыярат еткен.

…Өзбек классикалық қосықлары дизгинсиз қыялларды тәртипке салады. Тартымлы қосықлар кеўиллерге заўық бағышлайды. Тамашагөйлер кеўилли қосықларға қосылып аяқ-ойынларға түседи.

Елимизде музыка көркем өнери әййемнен раўажланған. Тарийхшы Шарафиддин али Яздий «Зафарнома» шығармасында Әмир Темур дәўиринде өткерилген музыкалық әнжуманлар туўралы сөз етип, былайынша жазады: «Жақсы ҳаўазлы қосықшылар атқарыўды баслап, ғәзел айтатуғын еди. Ҳәм түрки уйғыр, монғол ҳәм қытай, араб пенен парсыдан ҳәр ким өз дәстүри менен нама шертетуғын еди».

Бүгин де елимизде өз жыршысы ямаса көркем өнер хызметкери болмаған аўыл яки мәҳәллени табыў қыйын. Ҳәр бир шаңарақта дуўтар, домбыра, дәп сыяқлы саз әсбабынан биреўиниң болыўы да халқымыздың көркем өнерди қаншелли қәдирлейтуғынан дәрек береди. Халқымыздың нама қосыққа, көркем өнерге бундай меҳири, музыка мәденияты шаңарақ орталығында қәлиплескен ҳәм раўажланған.

Ғәрезсизлик жылларында миллий музыка көркем өнерин терең үйрениў ҳәм буннан былай да раўажландырыў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Шашмақом, Үлкен қосық, Аския инсанияттың ең дүрдана ойлап табыўлары сыпатында ЮНЕСКО ның Жәҳән материаллық емес мийрасы дизимине киргизилди. Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясы, онлаған театр ҳәм мәденият сарайлары, көркем өнер бағдарындағы заманагөй билимлендириў мәкемелери қурылды. Көплеген таңлаўлар менен фестивальлар жас талантлыларды излеп табыў, олардың шеберлигин арттырыўда ҳәм жаңа шеклерге руўхландырыўда  әҳмийетли фактор болмақта.

«Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы елимизде мәденият пенен көркем өнерге қаратылып атырған айрықша итибардың дүнья жәмийетшилиги тәрепинен кеңнен тән алынған жоқары үлгиси болып табылады.

– «Шарқ тароналари» фестивалын ҳәр сапары әрман етип күтемиз, – дейди самарқандлы мийнет ветераны Тўлқин Аҳмаджонов. – Бул фестиваль дүнья көркем өнер халқының байрамына, халқымыздың миймандослық ҳәм тынышлықты сүйиў символына айланды. «Шарқ тароналари» көркем өнер арқалы барлық халықларды дослыққа. аўызбиршиликке шақырмақта. Сонлықтан да, фестивальды планетамыздың барлық континентлеринде биледи, сүйеди, күтеди.

Фестивальдың абыройы артып, қатнасыўшылардың географиясы барған сайын кеңейип бармақта. Көплеген еллер, халықаралық шөлкемлер, белгили көркем өнер ғайраткерлери онда қатнасыўды өзлери ушын абырой, деп биледи. 1997-жылы өткерилген биринши фестивальда 31 елдиң ўәкиллери қатнасқан болса, быйылғы әнжуманға 60 қа шамалас мәмлекеттиң көркем өнер хызметкерлери қатнасты. Фестиваль ЮНЕСКО ның басшылығында өткерилип атырғаны да әнжуманның жоқары статусын ҳәм абыройын көрсетеди.

Дурыс, жер жүзинде тән алынған ҳәм кең ен жайған онлаған халықаралық музыка фестивальлары бар. Бирақ, олардың арасында «Шарқ тароналари»  айрықша абыройға ийе. Себеби, басқа халықаралық көлемдеги музыка фестивальлары көркем өнерлиң белгили бир түрине қәнигелескен. Яғный айырымларында тек ғана қосық айтылса, басқасында музыка атқарылады ямаса аяқ ойынға түсиледи. «Шарқ тароналари» болса, көркем өнердиң барлық көринислерин өзинде жәмлеген. Буны басқа халықаралық музыка фестивальларының қатнасыўшылары да кеңнен тән алмақта. Усы фестивальда дүньяның барлық континентлеринен көркем өнер хызметкерлериниң қатнасып атырғаны да пикиримизди тастыйықлайды.

…Мәресим ҳәўиж алмақта. классикалық қосықлар, фольклорлық үлгилер, заўықлы аяқ ойынлар кеўиллерди толып-тастырады. Шоқ нама-қосықлардан заўықланған тамашагөйлер қосықшыларға қосылады.

– «Шарқ тароналари» халықлар арасында тынышлық ҳәм дослық қатнасықларын беккемлеў, мәдений байланысларды буннан былай да кеңейтиўге хызмет етип атырғаны менен дүньядағы ең абыройлы фестивальлардың қатарына киреди, – дейди Эквадордың «Chotаmadre» музыкалық жәмәәтиниң ағзасы Эдгар Эдуардо. – Он биринши мәрте өткерилип атырған усы халықаралық музыкалы фестивалы дүньяның ҳәр қыйлы регионларынан келген музыкашылар, сазенделер менен қосықшыларды бир жерге жәмледи. Ҳәммеге өз шеберлигин көрсетиў ушын теңдей имканият жаратты. Өзбекистанда бундай фестивальдың шөлкемлестирилгени мақтаўға ылайық. «Шарқ тароналари» ири халықаралық илаж сыпатында дәстүр түсине киргени де елиңизде мәденияттың раўажланыўына айрықша итибар қаратылып атырғанынан айқын дәрек береди.

Ески Самарқандқа келген туристлер қаланың жүреги болған Регистан комплексиниң көркине таңланып қарайды. Оның гөззаллығын саатлап тамашалайды, сыйқырлы ақшамларда таралатуғын сазларды көпшилик болып тыңлайды…

«Шарқ тароналари» дүнья халықларының миллий музыка көркем өнеринде ерисилген табысларды сақлаўға ҳәм раўажландырыўға хызмет етпекте. Көркем өнер арқалы халықлар арасында дослық пенен мәдений байланысларды беккемлеў, инсанларды ийгиликли идеялардың әтирапында бирлестириў, талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў, халықаралық дөретиўшилик байланысларды буннан былай да беккемлеўде әҳмийетли фактор болмақта.

Халықаралық музыка фетивалының қатнасыўшылары Регистан майданындағы тийкарғы сахнадан тысқары, Самарқанд қаласындағы бир қатар мәдений ағартыўшылық мәкемелер, Ақдәрья, Самарқанд, Пастдарғом, Жамбай районларында да концерт бағдарламаларын бермекте. Самарқанд қаласындағы дем алыў бағлары менен қыябанлар, театрлар. мәҳәлле гүзарлары, балалар музыка ҳәм көркем өнер  мектеплеринде ушырасыўлар өткерилмекте.

Фестиваль қатнасыўшылары ҳәм мийманлар Самарқандтың бийбаҳа тарийхый естеликлерин зыярат етиў, ана Ўатанымызда жетистирилген ҳәр қыйлы жемислерге толы базарларымызды көриў, ғәрезсизлик жылларында халқымыздың пидәкерлик мийнети менен ерисилип атырған үлкен табыслар менен шеклер, әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысыў имканиятына ийе болмақта.

 

Бекзод ҲИДОЯТОВ Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзА ның арнаўлы хабаршылары