Мәлимлеме-коммуникация технологияларының раўажланыўы мүнәсибети менен кредит шөлкемлери ҳәм банк емес кредит шөлкемлериниң жумысында мәлимлеме қәўипсизлигин ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеўге байланыслы илажлардың дәрежесин арттырыў зәрүрлиги пайда болды.

Усы мақсетте, 2024-жыл 20-сентябрьдеги «Киберқәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы нызамшылықтың жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы  нызам қабыл етилди.

Нызам  менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске, банклер менен байланыслы бир қатар нызамларға ҳәм «Электрон ҳүкимет ҳаққында», «Төлемлер ҳәм төлеў системалары ҳаққында», «Банк емес кредит шөлкемлери ҳәм микроқаржыландырыў жумысы ҳаққында»ғы нызамларға өзгерислер менен қосымшалар киргизилди- деди Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери комитети баслығының орынбасары Қобил Турсунов. – Нызам тийкарында «Өзбекстан Республикасы Орайлық банки ҳаққында»ғы нызамға кредит шөлкемлериниң, төлем шөлкемлериниң, төлем системалары  операторларының, валюта биржаларының ҳәм кредит бюроларының жумысында киберқәўипсизликти тәмийинлеўге байланыслы тийисли қосымшалар киргизилди.

Орайлық банктиң ўәкилликлери кеңейтилди. Енди бул структура микроқаржы шөлкемлери , ломбардлар, ипотеканы қайта қаржыландырыў шөлкемлери, сондай-ақ, банклер, төлем шөлкемлери, төлем системаларының операторлары, валюта биржалары ҳәм кредит бюроларының  жумысында мәлимлеме  қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизликке қәўип-қәтерлерди анықлаў ҳәм олардың алдын алыў бойынша илажлар көреди.

Олар тәрепинен мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизликке қәўип-қәтерлерди  анықлаў ҳәм олардың алдын алыў бойынша жыллық илажлар режелериниң орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады.

Усы структуралардың жумысында анықланған киберқәўипсизликке байланыслы ҳәдийселер менен қәўип-қәтерлер ҳаққында Орайлық банк пенен жедел мәлимлеме алмасыў тәртибин  белгилеў сыяқлы ўәкилликлер берилди.

Нызам менен Орайлық банктиң ўазыйпалары да кеңейтилди. Оған бола, киберқәўипсизлик тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйым менен келисилген ҳалда кредит шөлкемлериниң, төлем шөлкемлериниң, төлем системалары операторларының,  валюта биржаларының ҳәм кредит бюроларының әҳмийетли мәлимлеме инфраструктурасы объектлерин анықлаў, олардың реестрин қәлиплестириў және киберқәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша талапларды ислеп шығады.

Киберқәўипсизлик тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен белгиленген тәртипке муўапық тийисли  объектлердиң киберқәўипсизлик талапларына сәйкес екенлиги бойынша экспертиза өткериў және мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизликти аудиттен өткериў ўазыйпалары да Орайлық банкке жүкленди.

Нызам менен «Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында»ғы нызамға киргизилген  қосымшаларға бола, банк ҳәм банклер топарының ишки қадағалаўына ҳәм тәўекелшиликлерди басқарыў системасына байланыслы талаплар да киргизилди.

Банк мәлимлеме системаларында мәлимлеме қәўипсизлигин ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў бойынша нызамшылық талапларын бузғаны «Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында»ғы нызамда қопал қағыйдабузыўшылық, деп белгиленди.

«Автоматластырылған банк системасында мәлимлемени қорғаў ҳаққында»ғы нызамға да өзгерислер менен қосымшалар киргизилди. Онда банклердиң мәлимлеме системалары ҳәм  ресурсларында мәлимлеме системалары ҳәм ресурслардың мәлимлеме қәўипсизлигин ҳәм киберқәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм банк сырын қорғаў сыяқлы қосымша мақсетлер атап өтилди.

«Киберқәўипсизлик ҳаққында»ғы нызам талапларынан келип шыққан ҳалда «Электрон ҳүкимет ҳаққында»ғы нызамға да қосымшалар киргизилди. Соның ишинде, нызамда «Электрон ҳүкимет» системасындағы мәлимлеме системалары ҳәм ресурсларының мәлимлеме қәўипсизлигин және киберқәўипсизлигин тәмийинлеў белгиленди.

Электрон ҳүкимет тараўындағы ўәкилликли уйым ўәкилликлери шеңберинде  киберқәўипсизликти тәмийинлеў илажларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў киргизилди.

Нызам менен «Төлемлер ҳәм төлем системалары ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер менен қосымшалар  киргизилди. Оған тийкарынан хызметлерди жеткерип беретуғын төлем хызметлерин көрсетиўде төлем системасының үзликсиз ислеўине тәсир көрсететуғын қағыйдабузарлықларды Орайлық банктиң биринши көрсетпеси жиберилген  күннен баслап үш ай ишинде сапластырыў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеўге тәсир көрсететуғын қағыйдабузарлықларды Орайлық  банктиң биринши көрсетпеси жиберилген күннен баслап үш ай ишинде сапластырылатуғыны белгиленди.

Көрсетпе жиберилген күннен баслап үш ай ишинде төлем системасының операторы тәрепинен сапластырылмаған жағдайда Орайлық банк төлем системасы операторы лицензиясын шақырып алыўға ҳақылы екенлиги белгиленди.

«Банк емес  кредит шөлкемлери ҳәм микроқаржыландырыў жумысы ҳаққында»ғы нызамға киргизилген қосымшаларға бола, егер банк емес кредит шөлкемлери мәлимлеме қәўипсизлигин ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеўге байланыслы талаплар орынланбаған жағдайда Орайлық банк тәрепинен  оларға шаралар ҳәм санкциялар қолланылады.

Бул нызам усы жылы 22-декабрьде күшке киреди. Нызам кредит шөлкемлери ҳәм банк емес кредит шөлкемлериниң жумысында ҳәм электрон ҳүкимет системасында мәлимлеме қәўипсизлигин күшейтиге ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеўге, сондай-ақ, мәлимлеме-коммуникация технологиялары жәрдеминде жүз беретуғын хуқықбузарлықлардың алдын алыўға хызмет етеди.

Норгул Абдураимова, ӨзА