Усы жылдың 1-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов басшылығындағы мәмлекетимиз делегациясы Евроазия Экономика Аўқамы Ҳүкимет басшылары Кеңесиниң гезектеги мәжилисинде бақлаўшы статусында қатнасыў ушын Ереванға барды.
Өзбекстан Бас министри өз сөзинде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар өзиниң жоқары нәтийжелерин берип атырғанын айрықша атап өтти.
Мәжилис соңында Евроазия экономикалық комиссиясы ҳәм Өзбекстан Республикасы ҳүкиметиниң 2024-2026-жылларға мөлшерленген биргеликтеги илажлары режесине қол қойылды.
Ереванға сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Иран Ислам Республикасы Биринши вице-президенти Муҳаммад Ризо Ореф менен еки тәреплеме ушырасыў өткерди.
Мәмлекетлеримиз басшылары тәрепинен көп тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Ушырасыўда Ҳүкиметлераралық биргеликтеги комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм оның шеңбериндеги бизнес-форумға пуқта таярлық көриў, мәмлекетлеримиз арасында түрли тараўларда санаат кооперациясы жойбарларын әмелге асырыў мәселелерине итибар қаратылды.
Өзбекстан ҳүкимети делегациясы Ереванға сапары шеңберинде Евроазия экономика форумында да қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги