Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-сентябрь күни Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азия регионы бойынша вице-президенти Антонелла Бассаниди қабыллады.

Жәҳән банки топары менен стратегиялық бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм бул жетекши халықаралық қаржы институты тәрепинен Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар бағдарламасын қоллап-қуўатлаўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

Ушырасыў алдында вице-президент Антонелла Бассани мәмлекетимиз басшысына Жәҳән банки президенти Ажай Банганың қызғын сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Сәўбет даўамында еки тәреплеме бирге ислесиў бүгинги күни жоқары дәрежеге жеткени ҳәм нәтийжели түрге енгени алғаны терең қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Кейинги жылларда мәмлекетимиз банктиң ең үлкен шериклери қатарына кирди – жойбарлар портфели бир неше есеге көбейип, ҳәзирги күнде 12 миллиард доллардан асты.

Жәҳән банки экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың турақлылығын тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли реформаларды әмелге асырыўда жәрдемлеспекте. Усы жылдың июль айынан Ташкент қаласында банктиң регионаллық ўәкилханасы жумыс баслады.

Кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, мәмлекетлик кәрханалар ҳәм банклерди трансформациялаў, карбонсызластырыў, ЖСШға ағза болыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм басқа бағдарларда бирге ислесиўди және де кеңейтиўдиң әҳмийетли бағдарлары сыпатында белгиленди.

Аймақларды комплексли раўажландырыў ҳәм урбанизация, энергетика ҳәм ирригация инфраструктурасын модернизациялаў бағдарламаларына, жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаўға айырықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, регионаллық жойбарларды алға қойыў мәселелери бойынша да пикир алысты.

ӨзА