Ҳүрметли устаз ҳәм тәрбияшылар!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, елимиздеги тәлим-тәрбия тараўы хызметкерлерин Муғаллим ҳәм устазлар күни – улыўма халықлық байрамы менен шын кеўлимнен қутлықлап, бәршеңизге ең жақсы тилеклеримди билдириўден қуўанышлыман.
Халқымыз өзиниң күш-ғайраты, дөретиўшилик потенциалы менен Жаңа Өзбекстан ҳәм ^шинши Ренессантың тийкарын қурып атырған ҳәзирги күнде усы уллы әййямның мазмун-мәниси, муғаллим ҳәм устазлардың жәмийетимиз турмысындағы орны ҳәм әҳмийети айрықша артып бармақта.
Ел-халқымыз әзелден қәдирлеп келетуғын муғаллим ҳәм устазлардың статусын, қәдирин және де жоқарылатыў – биз әмелге асырып атырған мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли, шешиўши бағдарына айланғаны да соннан дәрек береди.
Данышпанлардың айтқанындай, мәмлекет бәринен бурын жерден несийбе өндиретуғын дийқанлар, халықты жаўдан, ҳәр қыйлы жаўызлықлардан қорғайтуғын әскерлер, жас әўладқа тәлим-тәрбия беретуғын пидайы муғаллимлердиң ҳәрекети менен абат ҳәм абадан болады.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Кейинги жыллары миллий раўажланыў стратегиямыз тийкарында елимизде тәлим-тәрбия системасында да түпкиликли мәниде тарийхый жумыслар әмелге асырылмақта.
Қысқа ўақыт ишинде тараўға байланыслы көплеген нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, бул бағдардағы ҳуқықый база беккемленди. Жаңаланған Конституциямызда оқытыўшының статусы айрықша белгилеп қойылды.
Республикамызда ҳәр жылы жаңа-жаңа билимлендириў дәргайлары қурылып, олардың материаллық-техникалық базасы, кадрлар потенциалы беккемленбекте. Сабақлық ҳәм оқыў қолланбаларының заман талапларына сәйкес жаңа әўлады жаратылмақта.
Әсиресе, мектепке шекемги билимлендириў системасы дүньядағы алдыңғы тәжирийбелер тийкарында пүткиллей жаңаша раўажланыў басқышына қәдем қойды. Елимиздеги балалар бақшаларының саны 8 есеге артып, дерлик 38 мыңға, соның ишинде, мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери 250 ден 29 мыңға, қамтып алыў болса 27 проценттен 76,4 процентке жеткени де бул пикирди тастыйықлайды.
Мәмлекетимизде мектеп билимлендириўин раўажландырыў улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Бул ҳаққында сөз болғанда, кейинги жети жылда 5 мыңнан аслам мектепте, усы жылдың өзинде болса 608 мектепте қурылыс ҳәм оңлаў жумысларының орынланғанын атап өтиў керек.
Биринши мәрте 530 мектепте инклюзив билимлендириў енгизилди. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында 288 мыңнан аслам баслаўыш класс оқыўшыларының бийпул аўқатланыўы жолға қойылды.
Жеке меншик сектор раўажланыўы ушын жаратылып берилип атырған қолай имканиятлар нәтийжесинде мәмлекетлик емес мектеплердиң үлеси 5 процентке жеткени дыққатқа ылайық.
Биз инсан қәдирин улығлаўға қаратылған үлкен жумысларымыз шеңберинде муғаллим ҳәм устазлардың мийнетин мүнәсип баҳалаў ҳәм хошаметлеўге айрықша әҳмийет бермектемиз.
Ҳәзирги күнде муғаллимлердиң мийнет ҳақысы 2016-жылға салыстырғанда орташа 2,5 есеге, профессор-оқытыўшылардың айлық мийнет ҳақысы болса 4,5 есеге өскени, октябрь айынан педагог хызметкерлердиң мийнет ҳақысы және 15 процентке арттырылыўы бул бағдардағы ҳәрекетлеримиздиң нәтийжеси болып есапланады.
Билимлендириўдиң сапасын жоқарылатыў мақсетинде педагоглардың маманлығын арттырыў бойынша бирден-бир ҳәм вертикал система жаратылды.Быйыл ҳәзирге шекем 142 муғаллим алдыңғы сырт еллерде тәжирийбе арттырып қайтты. Мектеп директоры лаўазымына тайынлаў системасы жетилистирилип, оларға менеджерлик сертификатларын бериў тәртиби орнатылды.
Тәлим-тәрбия тараўына берилип атырған үлкен итибар себепли жасларымыз билим, илим ҳәм техника, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт тараўларында жоқары шеклерге ерисип атырғаны ҳәммемизди қуўандырмақта.
Оқыўшыларымыз 2010-2016-жыллары халықаралық пән олимпиадаларында 73 медальды қолға киргизген болса, соңғы жети жылда 349, 2024-жылдың өзинде болса 122 медальға ерискени де биринши гезекте сизлердиң машақатлы мийнетиңиздиң нәтийжеси болып есапланады.
Бул бағдарда халықаралық пән олимпиадаларында жеңимпазлықты қолға киргизген оқыўшылардың устазларын хошаметлеў системасының жолға қойылғаны ҳәм усы мақсетте Мәмлекетлик бюджеттен 6 миллиард сум қаржы қаратылғаны әҳмийетли хошаметлеўши фактор болып хызмет етпекте.
Өзбекстан тарийхында биринши мәрте уллы илимпазларымызға бағышланған халықаралық пән олимпиадаларын өткериўди басладық. Бул болса перзентлеримиз, пүткил халқымыз кеўлинде мақтаныш туйғысы менен бирге, дүньяда Өзбекстанның ағартыўшылық абырайын да жоқарылатпақта.
Мектепте екинши шет тилин ҳәм кәсип-өнерлерди үйретиў бағдарында да әҳмийетли қәдемлер тасланды. Быйылғы оқыў жылында 354 мектепте 16 мыңнан аслам оқыўшыға еки шет тилин оқытыў, 289 мектепте 40 мыңнан артық оқыўшыға кәсип-өнер үйретиў жолға қойылды.
Жоқары билимлендириў тараўында да үлкен реформалар әмелге асырылмақта. Қысқа мүддетте елимизде 135 жаңа жоқары оқыў орны шөлкемлестирилип, олардың улыўма саны 211 ге жеткерилгени, системада қамтып алыў дәрежеси 4 еседен артып, 9 проценттен 38 процентке жеткени мысалында буны анық көриў мүмкин.
Қәдирли дослар!
Әййемги тарийх, бүгинги турмыс тәжирийбеси барлық машқалалардың шешими, сораўлардың жуўабы тек ғана билимлендириўде, раўажланыў ҳәм бахыт есиклериниң гилти тәлим-тәрбияда екенинен дәрек береди.
Ҳәммемиз жақсы түсинемиз, өз алдымызға қойған уллы мақсетлерге жетиўде – жанажан Өзбекстанымызды еркин ҳәм абадан, ҳәр тәреплеме абат мәмлекетке айландырыўда тараўдың раўажланыўын жаңа сапа басқышына көтериў шешиўши әҳмийетке ийе.
Сизлер менен болып өткен мазмунлы ҳәм қызғын сөйлесиўимизди бул ҳаққында және бир мәрте пикир алысып, келешек режелеримизди анық белгилеп алдық.
Сиз, ҳүрметли педагоглар, профессор-оқытыўшыларымыз билимлендириў тараўындағы реформаларымызда және де белсене қатнасып, «Жаңа Өзбекстан – ағартыўшылық жәмийет» деген уллы идеямызды әмелге асырыўға мүнәсип үлес қосасыз.
Сөзсиз, биз тәлим-тәрбия системасын және де раўажландырыў, тараў хызметкерлери ушын мүнәсип мийнет ҳәм турмыс шараятларын жаратыў мәселесине буннан былай да баслы әҳмийет беремиз ҳәм оқытыўшылықты жәмийетимизде ең абырайлы кәсиплер қатарына алып шығамыз.
Ҳүрметли устазлар!
Мине, усы қуўанышлы әййямда сиз, әзизлерди және бир мәрте шын кеўилден қутлықлап, бәршеңизге денсаўлық, шаңарақлық бахыт, ийгиликли ҳәм мақтанышлы жумысыңызда үлкен табыслар тилеймен.
Ҳәмийше саў-аман болың, қәдирли ҳәм меҳрийбан устазлар!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти