Президент Шавкат Мирзиёев 30-сентябрь күни Абдулла Авлоний атындағы педагогикалық шеберлик миллий институтына барып, жаңаланған шараятлар менен танысты.

Ҳәр бир раўажланған мәмлекет сыяқлы Өзбекстан да өз раўажланыўын билимлендириўге тийкарланып қурмақта. Бул тараўда терең реформалар, үлкен-үлкен бағдарламалар әмелге асырылмақта. Онда ең әҳмийетли буўын, жаслар сиясатының тырнағы – басланғыш ҳәм улыўма билимлендириў.

Елимизде 37 мыңнан аслам балалар бақшасы, 10 мыңнан артық мектеп бар. Орынларда және жаңалары қурылмақта. Бирақ бул мақсеттиң бир бөлеги. Ең тийкарғы мәселе – билимлендириўдиң сапасы.

Соның ушын педагог ҳәм қәнигелердиң маманлығы турақлы арттырып барылмақта. Өзбекстан Республикасы Проезидентиниң усы жылы 21-июньда қабыл етилген мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлери хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыўға байланыслы қарары бул системаны жаңа басқышқа көтерди.

Соның менен бирге, бул тараўдағы институт А.Авлоний атындағы педагогикалық шеберлик миллий институтына айландырылды. Комплекс капитал оңланып, еки қосымша имарат қурылды, барлығы заманагөй үскенеленди. Тыңлаўшылар орны да, бағдарлар да көбейди. Ең әҳмийетлиси, тәжирийбе системасы мазмуны жағынан байыды.

Институт буннан 90 жыл алдын, 1934-жылы ашылған. Соған бағышлап, бул жерде музей шөлкемлестирилген. Онда жадид бабаларымыздың илимге итибары, Абдулла Авлоний тийкар салған билимлендириў системасы, сол дәўирдеги сабақлықлар ҳәм сахна шығармалары, улыўма билимлендириўдиң раўажланыў басқышлары сәўлеленген. Жасалма интеллект жәрдеминде ағартыўшы жадидлер көриниси сәўлелендирилген. Бул жерде дерлик 88 мың китап фондына ийе китапхана да бар. Мәмлекетимиз басшысы бул музей ҳәм китапхананы көзден өткерди.

Мәкемеде маманлық арттырыў ҳәм қайта таярлаўдың дәстүрий, альтернатив ҳәм дуал түрлери, соның ишинде, жасалма интеллект технологиялары тийкарында оқытыў енгизилген. Ситуациялық оқыў ханасы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы педагогикалық шеберлик орайлары менен видеобайланыс арқалы жалғанған. Үзликсиз кәсиплик билимлендириў, менеджерлик оқыў курслары, педагогларды аттестациядан өткериў ҳәм маманлық категориясын бериў, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўин басқарыў сыяқлы бағдарламалық платформалар енгизилген. Бул аймақлардағы директор ҳәм муғаллимлерди жаңа  педагогикалық технология ҳәм усылларға оператив оқытыў имканиятын береди.

Ҳәзирги күнде мектеп директоры тек ғана тәжирийбели педагог емес, ал жақсы басқарыўшы белгили мәниде стратег де болыўы керек. Институт оқыў бағдарламасында оған үлкен итибар қаратылып, директорлар мектеби шөлкемлестирилген.

Инклюзив билимлендириў ҳәм психолог ханаларында бул бағдарда ислейтуғын дефектолог ҳәм тәрбияшылар маманлығы арттырылады. Медиа студияда видеосабақлар сүўретке алынады. Сондай-ақ, института конференция залы, компьютер ҳәм семинар ханалары, асхана ҳәм шараятлар бар.

Бизге белгили, бүгин мәмлекетимизде анық ҳәм тәбийғый пәнлерге айрықша әҳмийет қаратылып, мектеплер заманагөй үскене ҳәм оқыў қолланбалары менен тәмийинленбекте. Бул муғаллимлерден соған бейимлесиўди, жаңа билим ҳәм көнликпелерди өзлестириўди талап етеди. «STEM» лабораториясы педагогларды усы бағдарда қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўға хызмет етеди.

Заманагөй билимлендириў талабынан келип шығып, институтта оқыў саатлары көбейтилди. Оқыўшыларға мүнәсип шараят жаратыў мақсетинде жатақхана заманагөй оңланып орынлар саны арттырылды.

Президентимиз бул ханаларда болып, жаңа қолайлық ҳәм имканиятлар менен танысты.

– Бул институт күтип турыўшы емес, үгит-нәсиятлаўшы, жетекши болыўы керек. Аймақлардағы муғаллим ҳәм директорларды көбирек мирәт етип, барлық мектеплерде сапаны арттырыў зәрүр. Жаңа заман адамы, келешегимиз дөретиўшилери мектепте тәрбияланады. Билимлендириўсиз келешек жоқ,-деди Шавкат Мирзиёев.

Бул жерде сабақ беретуғын оқытыўшы ҳәм устазларды сырт елде оқытыў, дүньядағы алдыңғы тәжирийбелерди үйлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Усы жылдың өткен дәўиринде институтта 4 мың 300 ге шамалас билимлендириў мәкемелери басшылары тәжирийбе арттырды. Сондай-ақ, 2 мыңға шамалас директор ҳәм директорлыққа талабанлар менеджерлик курсларында оқытылды. «Үзликсиз кәсиплик билимлендириў» платформасы арқалы сабақларда 113 мыңнан артық педагоглар қатнасты.

Сингапур халықаралық билимлендириў шөлкеми тәрепинен 100 мектеп директоры, 200 математика ҳәм тәбийғый пәнлер оқытыўшысы қайта таярланды. Институт структурасында Халықаралық изертлеўлер орайы да жумыс баслады.

Улыўма, мәмлекетимизде мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлери басшы, педагог ҳәм қәниге кадрларын қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдың үзликсиз системасы жолға қойылады. 2025-жылдан баслап олар бес жылда бир мәрте жумыстан ажыралған ҳалда тәжирийбе арттырады. Буннан тысқары, улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде «Кәсиплик раўажланыў сааты» ҳәм «Кәсиплик раўажланыў күни» енгизиледи. Президент мектеплеринде топланған алдыңғы тәжирийбелер үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасы арқалы улыўма орта билимлендириў мәкемелерине кеңнен енгизиледи.

ӨзА