Абдулла Авлоний атындағы педагогикалық шеберлик миллий институтында Президент Шавкат Мирзиёевтиң тәлим-тәрбия тараўының ўәкиллери менен сөйлесиўи даўам етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы тараўда әмелге асырылып атырған үлкен жумыслар бойынша айырым мысалларды келтирди.

Өткен 7 жылда билимлендириўди раўажландырыўға жәми 216 триллион сум қаржы қаратылды. Материаллық-техникалық базаны беккемлеў ушын бюджеттен 19,5 триллион сум жумсалып, 6 мың мәмлекетлик мектеп ҳәм 3,5 мың бақша реконструкцияланды ҳәм жаңадан қурылды.

Жеке меншик билимлендириўге кең имканиятлар жаратылып атырғаны себепли жеке меншик мектеплер саны 27 ден 500 ге жетти, мәмлекетлик емес бақшалар 250 ден 30 мыңға көбейди.

Бул материаллық ресурслар биринши гезекте интеллектуаллық-руўхый ресурслар менен толықтырылыўы керек екенлиги, сонда ғана билимлендириўде сапа, нәтийже болатуғыны атап өтилди.

Интеллектуаллық-руўхый ресурслар – бәринен бурын оқытыўшының билим ҳәм тәжирийбеси, шеберлиги, оның мәдений, руўхый дәрежеси дегени.

Әлбетте, бундай үнлесликке ерисиў аңсат емес. Оның ушын үлкен-үлкен қаржылардан тысқары үлкен инсаныйлық ресурс, билим ҳәм тәжирийбе, кадрлар потенциалы, ең әҳмийетлиси, оқытыўшылардың ўатан сүйиўшилик пазыйлетлери талап етиледи.

Соның менен бирге, бүгинги күнде билимлендириў тараўында стратегиялық ақыл-ой зәрүр. Бул не дегени?

Бул он-он бес жыл алдындағыны көрип, билимлендириў дәргайларын тек ғана ҳәзирги күн ушын емес, келешек ушын ислейтуғын дәрежеге көтериў дегени.

Себеби билимлендириўде, ағартыўшылықта изде қалғанлар – сөзсиз, раўажланыўда да изде қалады. Бул – тарийхта дәлилленген ҳақыйқат.

– Ҳеш бир оқытыўшы ҳәм устаз, бақша баслығы, мектеп директоры белгили мәниде стратег болыўы зәрүр. Олар бәринен бурын ел-халық тәғдири ҳәм келешегин шешетуғын уллы мақсетлер жолында хызмет етип атырғанын терең түсинип жетиўи ҳәм сол тийкарда ҳәрекет етиўи керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.

ӨзА