Мәмлекетимизде болып өтетуғын сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў менен байланыслы процесслерди бақлаў мақсетинде бир қатар халықаралық бақлаўшылар миссиялары елимизге келген. Соның ишинде, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Парламентлераралық Ассамблеясы  (ҒМДА ПА) ўәкиллери де өз миссиясын баслады.

ҒМДА ПА миссиясының ўәкили Станислав Ткаченко мәмлекетимизде сайлаўға таярлық ислери бойынша өз пикирлерин билдирди:

– Биз, ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясы бақлаўшылар топары өз жумысын мәмлекеттиң либерал нызамшылығын үйрениўден басладық. Себеби өткен ҳәм усы жылы мәмлекетиңиз нызамшылығына бир неше әҳмийетли өзгерислер киргизилген.

Орайлық сайлаў комиссиясы ағзалары менен болып өткен ушырасыўымызда өзимизди қызықтырған барлық сораўларға жуўап алдық. Биринши гезекте, бизди қызықтырған сораў бул – төрт жыл алдын сайлаў болыўы жәрияланғанынан ҳәм календарь реже қабыл етилгенинен берли сайлаў процеси қандай шөлкемлестирилген ҳәм қандай түрде болып өтпекте!  Календарь режеге ОСК ҳәм төменги шөлкемлер тәрепинен қаншелли әмел етилмекте!  Усындай сораўларымызға жуўап алдық.

Бул сайлаўдың және бир абзаллығы бул системаның санластырылғаны болып есапланады. Өзбекстан Республикасы бул сиясий процесске үлкен итибар қаратқан. ОСКның сиясий партиялар ҳәм төменги шөлкемлер менен байланыслары, барлық ҳүжжет алмасыўы, әсиресе, партиялар тәрепинен усыныс етилген талабанларды дизимге алыў мәселелери санластырылған.

Телевидение, радио ҳәм интернет басылымларында бирдей ўақыт ажыратылған. Өзбекстан сайлаўға санластырыў системасын енгизиў бойынша ҒМДА мәмлекетлери арасында жетекшилик етпекте. Бул әжайып тәжирийбе ҳәм үлги болып, кейин ала ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясына ағза болған басқа мәмлекетлердиң сайлаў процесслеринде пайдаланылады.

Календарь режеде белгиленген илажлар орынланып атырғанын, сайлаў процеси қатнасыўшылары, сиясий партиялар талабанлары ҳәм шөлкемлестириўшилер жоқары дәрежеде ислеўи ушын барлық шараятлар жаратылғанын атап өтиў керек.

Муҳтарама Комилова жазып алды.

ӨзА