Ҳәр ким мүнәсип мийнет етиў, кәсип ҳәм жумыс түрин еркин таңлаў хуқықына ийе. Соның ишинде, ҳаял-қызлар да өзиниң мийнет етиўге байланыслы хуқықларын әмелге асырыўға хақылы.
Нызамшылыққа бола, ислейтуғын ҳаял-қызларға бир қатар жеңилликлер менен имканиятлар белгилеп қойылған. Шаңарақлық ўазыйпаларды орынлаў менен бәнт болған шахслар, жас өспиримлер, майыплығы болған шахслар, ҳәмиледар ҳаял-қызлар ҳәм басқаларға айрықша ғамқорлық пенен байланыслы ҳалда оларға абзаллық бериў, сондай-ақ, оларды шеклеў, кемситиў деп есапланбайды.
Ҳаял-қызлардың мийнети қалай қорғалады? Қайсы жағдайларда ҳаял-қызларға қысқартылған жумыс ўақты қолланылады? Баласын тәрбиялап атырған ана жеңилирек жумысқа өткерилиўи мүмкин бе?
Сораўларымызға Әдиллик министрлиги жанындағы «Адолат» миллий хуқықый мәлимлеме орайының бас мәсләҳәтшиси Лобар Рўзимова толық мағлыўмат береди.
М.Турдалиева, А.Аҳмедов (видео), ӨзА