Самарқанд қаласында өткерилип атырған Азия инфраструктуралық инвестициялар банки басқарыўшылар кеңесиниң IX жыллық мәжилиси шеңберинде «Жаңа Өзбекстан – үлкен имканиятларға ийе ири мәмлекет» сессиясы ҳәм ресурсларды жумсаў бойынша халықаралық форум болып өтти.

Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов «Өзбекстан-2030» стратегиясы тийкарында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар процесслери, исбилерменлик ушын жаратылған қолайлы орталық, инвестициялық потенциал ҳаққында сөз етти. Оның атап өтиўинше, 2030-жылға барып экономиканың 85 проценти жеке меншик сектор тәрепинен жаратылыўына ерисиў, энергияның 40 процентин қайта тикленетуғын дәреклер есабынан ислеп шығарылыўын тәмийинлеў, мийнет  нәтийжелилигин еки есеге арттырыў, экспорт көлемин 45 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.

Сондай-ақ, Л.Қудратов Өзбекстанда әмелге асырылып атырған экономикалық ҳәм инвестициялық реформаларды турақлы қоллап-қуўатлап киятырғаны ушын сырт ел бирге ислесиўшилери, халықаралық қаржы шөлкемлериниң ўәкиллерине миннетдаршылық билдирди.

– Өзбекстан өзгерип бармақта ҳәм сиз бул жолда бизиң шериклеримизсиз,-деди Л.Қудратов. – Сизиң қоллап-қуўатлаўыңыз, мәсләҳәтиңиз ҳәм инвестицияңыз кейинги он жылда үлкен жетискенликлерге ерисиўимизге жәрдем береди. Бүгин сизлер менен Самарқандта ушырасып, әсирлер даўамында бул уллы қала белгилеп келген саўда, халықаралық қатнасықлар ҳәм инновациялар дәстүрлерин даўам еттирмектемиз.

Сондай-ақ, сессияда Азия инфраструктуралық инвестициялар банки басшысы Цзинь Лицюн, Жәҳән банки топар басқарыўшы директоры ҳәм бас ҳәкимшилик директоры Венкай Чжан, ири халықаралық инвестор ҳәм экспертлер шығып сөйлеп, Өзбекстанда кейинги жыллары әмелге асырылып атырған реформаларға жоқары баҳа берди. Бул бағдарда мәмлекетимиз менен бирге ислесиўге, қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин билдирди.

Илаждың «Ресурсларды жумсаў бойынша халықаралық форум» деп аталған екинши бөлиминде халықаралық донорлар ҳәм инвестиция фондлары менен бирге ислесиўдиң баслы бағдарлары додаланды. Халықаралық экспертлер, абырайлы халықаралық банк ҳәм қорлар менен мәмлекетимиз бирге ислесиўшилериниң Өзбекстанда инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм жойбарларды әмелге асырыўдың ең перспективалы бағдарлары бойынша пикир-усыныслары тыңланды.

Форум шеңбериндеги басқа сессияларда да бүгинги шараятта банктиң қатнасыўшы мәмлекетлериниң экономикасын беккемлеў ҳәм инфраструктураны раўажландырыў арқалы халық ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, жәмийетте гендер теңликти тәмийинлеў, климат өзгериўлериниң унамсыз ақыбетлерин жумсартыў ҳәм оның тәсирин азайтыў сыяқлы мәселелер бойынша пикир алысылды.

Ғ.Ҳасанов, А.Исроилов (сүўрет),

ӨзАның хабаршылары