Фоторепортаж
И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейинде мүсиншилик көркем өнериниң ири ўәкиллеринен бири, Өзбекстан Көркем өнер академиясының академиги, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси Жолдасбек Қуттымуратовтың 90 жыллығына бағышланған көргизбе шөлкемлестирилди.
Көргизбениң ашылыў мәресиминде белгили сүўретшилер, көркем өнер таныўшылар, педагоглар, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Илажда шығып сөйлегенлер дөретиўшиниң өмир жолы, мүсиншилик көркем өнерин раўажландырыўдағы хызметлери ҳәм дөреткен бийбаҳа шығармалары ҳаққында мағлыўмат берди.
Музей экспозиция залларында мүсиншиниң «Келин» (1965-1967), «Әмиўдәрья» (1968), «Гүлдирсин» (1983), «Суў сыбырлысы» (1989), «Арзыў» (1960) сыяқлы белгили шығармалары көргизбеге қойылған.
Ж.Қуттымуратовтың дөретиўшилигине терең итибар қарататуғын болсақ, оның шығармаларындағы тийкарғы тема ҳаял-қызлар көринисин сүўретлеўге қаратылғанын түсинемиз. Ол қарақалпақ ҳаял-қызларының бийтәкирар гөззалығын сәўлелендириўши образларды өзиниң бир қанша шығармаларында жәмлеген.
«Әмиўдәрья» естелиги дөретиўшиниң ең белгили шығармаларынан бири болып, онда әпсаналық ҳаялдың басы түринде сәўәлелендирилген. Мүсинши теректиң тамырынан пайдаланып, ҳаялдың гөззал, жыллы жүзин сүўретлеген, оның жоқарыға көтерилген шашлары болса ҳәр қандай инсанды терең пикирлеўге шақырады.
Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет), ӨзА