2024-жыл 11-сентябрьде күшке кирген «Қала қурылысы жумысы тараўындағы мәмлекетлик басқарыў ҳәм елатлы пунктлердиң қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыў системасы қәлиплестирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Қала қурылысы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамда нелер нәзерде тутылған?
Бул ҳаққында Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети ағзасы Илҳом Қурбонов сөз етти.
-Қурылыс тараўындағы реформалар жедел әмелге асырылып, саламат бәсеки орталығы жаратылды. Қурылыс тармағы кадрларын профессионал таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасы жолға қойылды.
Соның менен бирге, қала қурылысы жумысы тараўында мәмлекетлик басқарыў ҳәм аймақлар ҳәм елатлы пунктлердиң қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыўдың жаңа системаларын тәртипке салыў мақсетинде Қала қурылысы кодексине тийисли өзгерислер киргизиў зәрүрлиги пайда болды. Елатлы пунктлердиң қала қурылысы ҳүжжетлерин таярлаў системасын қәлиплестириўге талап пайда болды.
Сол себепли, жаңа нызам менен Қала қурылысы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргзилди. Соның ишинде, Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлигине қалалардың бас режелери әпиўайыластырылған көринисте ислеп шығыў бойынша буйыртпашы ҳәм жойбар шөлкемине жойбарлаў тапсырмасын бериў кепиллиги берилди.
Елатлы пунктлердиң түрлери сыпатында Өзбекстан Республикасы аймағын раўажландырыўды режелестириў бас жойбары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың аймақларын раўажландырыўды режелестириў жойбарлары, елатлы пунктлердиң аймақларын раўажландырыўды режелестириў ҳәм қурыў ҳаққындағы қала қурылысы ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырылыўы белгиленди.
Министрлер Кабинетине Өзбекстан Республикасы аймағын раўажландырыўды режелестириў бас жойбарын ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар аймақларын раўажландырыўды режелестириў жойбарларын үзликсиз түрде қәлиплестирип барыў бойынша тийкарғы бағдарларды белгилеў кепиллиги берилди.
Өзбекстан Республикасы аймағын раўажландырыўды режелестириў бас жойбарында халықты ҳәм өндирислик күшлерин жайластырыў системасы мәмлекетлик тәрепинен тәртипке салынады.
Атап айтқанда, аймақлардың бул жағдайы, потенциалын анықлаў, өз-ара байланыслы мақсетлери ҳәм өзгешеликлери, архитектура, қала қурылысы ҳәм қурылыс жумысын әмелге асырыў арқалы социаллық-экономикалық раўажланыў бағдарламалары шеңберинде аймақлараралық ҳәм тармақлараралық мәмлекетлик мәплерин муўапықластырыў ҳәм халық пунктлериниң қала қурылысы ҳүжжетлерин жойбарластырыў тапсырмасын ислеп шығыў ушын тийкарлар белгиленди.
Өзбекстан Республиасы аймағын раўажландырыўды режелестириў бас жойбарындағы жойбарлық шешимлер Өзбекстан Республикасы раўажланыў стратегиясы, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық интеграция процесслери, қоңсы мәмлекетлердиң аймақлық социаллық-экономикалық раўажланыў бағдарламалары ҳәм дүнья тенденцияларын есапқа алған ҳалда узақ дәўирге мөлшерлеп ислеп шығылады. Бул Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар аймақларын раўажландырыўды режелестириў жойбарларындағы жойбарлық шешимлерге де тийисли.
Нызам менен Қала қурылысы кодексине киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар нәтийжесинде пуқаралардың жасаў ҳәм жумыс орталығы үйлесимлиги тәмийинленеди. Елатлы пунктлердиң архитектуралық көриниси жақсыланады ҳәм халықтың турмыс дәрежесин көтериў имканияты жаратылады.
Архитектура қала қурылысы ҳәм қурылыс жумысын әмелге асрырыў арқалы социаллық-экономикалық раўажланыў бағдарламалары шеңберинде аймақлараралық ҳәм тармақлараралық мәмлекетлик мәплер муўапықластырылады. Қурылыс тараўында ашықлықты тәмийинлеў ҳәм бәсеки орталығын раўажландырыў арқалы тараўға инвестиция киргизиў имканияты кеңейеди.
ӨзА