Нөкисте «Саҳра палитрасында дөрелген Қарақалпақ сүўретлеў көркем өнериниң көркем билимлендириўдеги орны» темасында еки күнлик республикалық семинары болып өтти.

Дәслеп Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернатында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық художниги, академик Жоллыбай Изентаев естелигиниң салтанатлы ашылыў мәресими болды.

Онда шығып сөйлегенлер белгили художниктиң өмири ҳәм дөретиўшилигине, сүўретшилик көркем өнерин раўажландырыўға қосқан үлкен үлесине тоқтап өтти.

Қарақалпақстанда, улыўма, Өзбекстанда заманагөй сүўретлеў көркем өнериниң жарқын ғайраткерлеринен бири Өзбекстан Көркем өнер академиясының академиги Жоллыбай Изентаевтың дөретиўшилигинде Қарақалпақ халқының дәстүрий мәденияты менен XX әсир Батыс Европа көркем өнериниң авангард көркем ҳәрекетлериниң симбиозы үлкен орын ийелейди. Ол балалығынан сүўрет сызыўға қызығыўшылығын ҳәм қәбилетин көрсетти. Дәслеп П.П Бенков атындағы республикалық сүўретшилик билимлендириў дәргайында, соң К.Бекзод атындағы Миллий сүўретшилик ҳәм дизайн институтында оқыды.

Мийнет жолын Нөкис қаласындағы көркем-өндирислик устаханаларында баслады. Өзбекстан Көркем өнер академиясының академиги, сондай-ақ, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы лаўазымында жумыс алып барды.

Ол дөретиўшилиги даўамында пейзаж, портрет, сюжет композициялары, натюрморт сыяқлы жанрларда мийнет етти. Соның ушын, натюрмортларында халық турмысының элементлерин, оның миллий колоритин сәўлелендирди. Ол XX әсир Өзбекстан сүўертлеў көркем өнеринде өзиниң мүнәсип орнын ийелеп, өзине тән сүўретлеў усылын жарата алды. Өтмиш ҳәм келешек, Батыс ҳәм Шығыс арасында өзине тән «көпир» қойды. Художник Нөкистеги музейдиң тийкарын салыўшысы Игор Савицкийди өзиниң руўхый устазы деп биледи.

Өзбекстан Республикасы саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Қарақалпақ көркем өнери мектебин кеңнен ен жайдырыў, көркем билимлендириўдиң сапасын және де арттырыў мақсетиндеги республикалық семинарда Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының баслығы Гүлбаҳар Изентаева «Қарақалпақстанда сүўретлеў көркем өнери» (И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи мысалында), Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты музейи директорының илимий ислер бойынша орынбасары Сения Байбосынова «Академик Жоллыбай Изентаевтың өмири ҳәм дөретиўшилиги», Түркменстан мәмлекетлик көркем өнер Академиясы Көркем өнертаныў тарийхы кафедрасының муғаллими Жерен Балтаева «Түркменстан торевтикасы», Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиниң илимий хаткери Айнур Айтмуратова «Дийўалый сүўретлер ҳәм реңлер мазмуны» темалары тыңланды.

Сол күни Жоллыбай Изентаев өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған «Қуяш нурларына бөленген дүнья» атамасындағы альбом-катологиниң презентациясы ҳәм художниктиң дөретиўшилик жумысларынан ибарат көргизбеси шөлкемлестирилди. Онда художниктиң 30 ға шамалас шығармасы орын алды.

Илажда атап өтилгениндей, художник Жоллыбай Изентаев дөретиўшилиги даўамында қарақалпақ реңли сүўрет көркем өнери мектебин раўажландырыўға өз үлесин қосқан устаз, қәбилетли рең-сүўретшилерден бири сыпатында өшпес из қалдырды. Қайталанбас қәбилет ийеси болған художник шығармаларында ана ўатанымыз, Арал, кеўили пәк ҳәм сақый инсанлар көриниси, халқымыз мәденияты ҳәм тәбиятының бай көринислери сүўретленген.

Илаждың екинши күни Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернатында шеберлик сабақлары, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Өзбекстан Көркем өнер академиясының академиги, мүсинши Жолдасбек Қуттымуратовтың дөретиўшилик шығармаларынан ибарат көргизбеси ҳәм басқа да илажлар өткерилди.

Даўыт Абибуллаев, Мақсет Ҳабибуллаев (сүўрет),

Қарақалпақстан хабар агентлиги