Мойнақ районындағы Төменги Сүргил аймағында екинши қудық ашылып,газ конденсатын алыў жумыслары басланды, деп жазады «Халқ сўзи».

«Өзбекнефтьгаз» АЖның мағлыўматларына қарағанда, усы жылдыңянварь айында усы аймақта биринши кән пайдаланыўға тапсырылған еди. Буннан соң усы жерде геологлар берген мағлыўматларға сүйене отырып қазып бурғылаў жумыслары даўам еттирилди.

Атап өтилиўинше, елимиздиң нефть-газ санаатын раўажландырыў бағдарламасында Сүргил кәни айрықша әҳмийетке ийе. Оны қазыў, ислеп шығарыў көлемин арттырыў ҳәм бай ресурсларды қайта ислеў инфраструктурасын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул аймақта үлкен көлемде газ қоры бар екенлиги анықланған. Жақын келешекте және усындай бирнеше қудықлар табылыўы ҳәм иске қосылыўы күтилмекте. Ҳәзирги ўақытта «Өзбекнефтьгаз» АЖның геофизиклер, геологлар ҳәм инженерлерден ибарат арнаўлы топары Төменги Сүргилде излеў жумысларын жедел алып бармақта. Ең заманагөй арнаўлы техникалар ҳәм әсбап-үскенелер пайдаланылып атырғанлығы болса жаңа кәнлердиң өзлестирилиўинде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги