Жоқары оқыў орынларында екинши ҳәм оннан кейинги жоқары мағлыўмат алыўға абитуриентлерден ҳүжжетлер 2018-жылдың 20-июлынан 20-августына шекем қабылланады. Екинши ҳәм оннан кейинги жоқары мағлыўмат алмақшы болған шахслар билимлендириў мәкемесиниң қабыллаў комиссиясына төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыўы соралады:

 

– оқыў орны ректорының (директорының) атына арза;

– жоқары мағлыўмат ҳаққындағы мәмлекетлик үлгидеги диплом (түп нусқасы) қосымшасы менен;

– 3,5х4,5 см өлшемдеги 6 дана фотосүўрет;

– 086-У формасы бойынша медициналық мағлыўматнама;

– паспорт ҳәм әскерий хызметке байланыслылығы ҳаққындағы ҳүжжеттиң нусқасы.

 

Усылардан паспорт ҳәм әскерий хызметке байланыслылығы ҳаққындағы ҳүжжеттиң түп нусқасы да көрсетиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.