Бес баллық шкала бойынша G1 биринши дәрежели магнитли боран 24-июль күни Жерди қамтып алады, деп хабар бермекте «Новости» Россия информация агентлиги.

Россия Илимлер академиясының Лебедев  атындағы Физика институты Қуяш рентгени астрономия лабораториясының прогнозы бойынша, боран Ташкент ўақты менен саат 8.00 де басланады. Магнитосфера шама менен күнниң ярымына шекем қозғалған ҳалатта болады.

Атап өтилиўинше, бундай магнитли боранлар космослық қурылмаларды басқарыў системасына тәсир етиўи мүмкин.

Астрономлардың хабар бериўинше, бурынғы боранлар 28-июнь, 2-июнь, 6- ҳәм 7-май күнлери жүз берген, быйылғы ең үлкен боран болса апрель айында қайталанған.