23-июль күни пайтахтымыздағы Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалында академиялық лицейлерде 2018-2019-оқыў жылына сайлап алыў имтиханы өткерилди.

Имтиханлардың жоқыры дәрежеде ашық-айдын ҳәм жәриялылық дәрежесинде  тәмийинлеў мақсетинде имтихан процесслери видеобақлаў арқалы кең жәмийетшилик, сондай-ақ талабанлардың ата-аналары тәрепинен онлайн режимде бақлап барылды.

– Мен Муҳаммедал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалының академиялық лицейиндеги анық пәнлер бағдарына оқыўға тапсырдым. Бүгинги имтиханда физика, математика ҳәм қарақалпақ-тили пәнлеринен жәми 45 (ҳәр бири 15 сораўдан) тест сораўларына жуўап бердим. Тест әдил болады деген нийеттемен, – дейди талабан Мийрибек Узақбергенов.

Тест жуўмағы 24-июль күни жәрияланады.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы