Ректорлар тарийхта биринши мәрте ўәде берди. Берген ўәдеси бойынша быйылғы жылы абитурентлерден де, ата-аналардан да пара талап етпейди. Төменде ректорлардың усы ҳаққындағы мүрәжаатын дыққатыңызға усынамыз.

 Өзиниң әййемги тарийхына, мәңги миллий қәдриятларына ийе болған елимиз жақын ҳәм алыс мәмлекетлер менен өз-ара бирге ислесиўде жаңа прогресс басқышына қәдем қойды. Бул ийгиликли жумыста уллы жазыўшымыз Абдулла Авлонийдиң сөзлери менен айтатуғын болсақ, «билимлендириў ҳәм тәрбия биз ушын – я өмир-я өлим, я қутқарылыў- я апат, я саадат-я бахытсызлық мәселеси»не айланды.

Президентимиздиң жеке басламалары ҳәм үлкен ис-ҳәрекетлери менен бүгин билимлендириў системасы пүткиллей жаңаланыў басқышына көтерилди.

Биз-көп санлы ректорлар билимлендириў-тәрбия жумысларын заман талаплары тийкарында шөлкемлестириў, оған алдыңғы инновациялық идеяларды алып кириў, жаслардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў ушын жетерли шараятларды жаратып бериў менен биргеликте тараўдың раўажланыўына унамсыз тәсир етиўи мүмкин болған ҳәм заманагөй билимниң аяғына кисен болып турған иллет – парахорлықтың ҳәм дәмегөйликтиң алдын алыў, ҳәр исте ҳадал ҳәм ҳүжданлы болыў, жоқары билимлендириў мәкемелерин ҳақыйқый мәнистеги ағартыўшылық ҳәм ҳадаллық дәргайына айландырыў, сондай-ақ, быйылғы қабыллаў процесслерин ашық-айдын, әдалатлы ҳәм ҳадал өткериўге ўәде беремиз.

Ҳүрметли абитуриентлер!

Ўатанымыз, халқымыз ҳәм Президентимиз Сизлерге үлкен үмит пенен қарап тур. Сизлер бизиң келешегимиз. Ҳәр тараўда елимиз раўажланыўының кепили болып есапланасыз. Көрип турсыз, жаслардың илим ҳәм кәсип-өнер сырларын ийелеўи ушын елимизде барлық шараятлар жаратылып берилмекте. Бүгин өзиңиз ушын кәсип таңлап, оқыўға кириўге бел байладыңыз ба, өз билимиңизге, ақыл-парасатыңызға ҳәм сизлерге усы шараятларды жаратып берген Президент исенимине мүнәсип болың ҳәм мүнәсип ис қылың. Кириў имтиханларына, тест сынақларына пуқта таярлық көрип, бул имтиханлардан өз билимиңиз бенен өтиўге бел байлаң.

Әзиз ата-аналар!

Ҳәммемиз ушын перзент – әзиз, оның камалын көриў болса тийкарғы әрманымыз. Бүгин заман өзгермекте. Жаслардың илим дәргайларына ҳадал ҳәм пәк рәўиште кириўи ушын кең имканиятлар есиги ашып берилди. Тилекке қарсы, алдаўшы ҳәм көз бояўшылардың дүньяқарасы өзгермей атыр. Олар еле ески ой-қыялларда, аңсат ҳәм қыңыр жоллар менен дәрамат табыў мақсетинде жүр. Олардың дузағына илинип қалмаң. Халқымызда «таяқтың еки ушы бар» деген нақыл бар. «Коррупция ҳаққында»ғы Нызамның тийисли бәнтлерине бола пара берген де, пара алған да нызам алдында теңдей жуўапкер есапланады ҳәм сөзсиз жазаға тартылады. Перзентиңизге жәрдем беремен десеңиз, орынсыз ҳәм жасырын ис-ҳәрекетлерге жол қоймаң! Бул жолдағы орынсыз қәдем билип қойың, күн өтип балаңыздың келешеги ушын қатты соққы болыўы мүмкин. Бир ҳақыйқатты умытпаң! Пара менен оқыўға кирген инсан, пүткил өмири даўамында усы ақшаны қайтарып алыў ҳәрекетинде болады. Ол оқытыўшы ма ямаса шыпакер, жуўапкер хызметкер ме ямаса әпиўайы жумысшы болыўына қарамастан алдына келген ҳәр бир инсанға «товар» сыпатында қарайды ҳәм оннан бәрқулла дәме етеди. Дәме менен суўғарылатуғын кеўилде болса жақсылық туқымы өнбейди. Дәме ҳәм пара шынжырын қабыллаў процесслеринде-ақ үзейик! Ол басқа тамыр жаймасын! Перзентлеримиз қолында шынжыр болып, оларды қамақханаға басламасын! Бүгин заман тезлик пенен алға қарап кетип атырған, глобалласыў процесслери пүткил дүньяны қамтып алып атырған, ҳәммениң дыққаты жаслардың тәғдирине қаратылған бир ўақытта ҳүрметли Президентимиз ҳәм мәмлекетимиз тәрепинен күшли ҳәм әдалатлы билимлендириў-тәрбия системасы жаратылып берилмекте. Ҳәмме гәп буны дурыс түсиниў, Ўатан ҳәм халық алдындағы миннетлемени ҳәм жуўапкершиликти сезинген ҳалда, бирден-бир мақсет ҳәм идея әтирапында бирлесиў болып табылады. Бул идея болса әдиллик пенен тынышлыққа, теңлик пенен туўысқанлыққа тийкарланған  Ғәрезсизлик, Ўатан келешеги ҳәм Өзбекстан идеясы болып есапланады! Оған садық қалыў ҳәм биргеликте ҳәрекет етиў барлығымыздың миннетимиз. Сонда ғана биз Президентимиздиң, халқымыздың ҳәм мәмлекетимиздиң исенимин ақлаған боламыз.

Дәрек: Мәлимлеме хызмети

21.07.2018   

 

Биз ректорлардың өз ўәделерин шаймаламай, берген ўәдесинде беккем туратуғынына исенип қаламыз!