Китап жаңалығы

Жақында «Жети ықлым» баспасынан «Бир әсирлик өмир» атамасындағы китап жарық көрди. Бул китапта дерлик бир әсирге жуўық жасап, ел хызметине өмирин бағышлаған атақлы ғайраткер туўралы жаңа мағлыўматларды оқыйсыз.

Қәллибек Камаловтың өмири ҳәм хызметине арналған эссе қаҳарманының өзи менен сәўбетлесиў арқалы дерлик төрт жыл даўамында жазылды.

-Ташкентли Борис Пармузин деген жазыушы бар еди,-деп еслейди Қ.Камалов.-Бәҳәрдиң күнлери Нөкиске келди. Көше батпақ. -Та-ак товарищ Камалов,

Курица не птица

Нукус не столица! -деди. Бул гәп маған қатты тәсир етти. Себеби, мен сол ўақытта қалалық атқарыў комитетиниң баслығы едим. Сол күннен баслап орайлық көшелерди қанша жоқшылық болса да асфальтлаўға киристим.

Қалалық атқарыў комитетиниң имараты жүдә қорениш еди. Мениң кабинетимниң өзинде стулщик орнына парклерге қойылатуғын еки шойын скамейка бар еди. Мен бир жерлерден мүмкиншилик таўып кеңсени жаңаладым.

Бирақ, мениң бул ислерим кимлергедур жақпады. Келеси сайлаў ўақтында арнаўлы топарлар жумыс қылып, мен сайланбай қалдым. Нәтийжеде жумыстан босадым.

Ауа, Камалов бирден Камалов болмады. Совет дәўиринде бес жыллық план алдыннан дүзилер еди. Лекин, ақсақал ҳәр жылы басқа регионларда жумсалмай қалған ресурсларды Қарақалпақстанға планнан тысқары ала билди. Соның нәтийжесинде Тақытас плотинасы қурылды, Әмиўдәрьядан поезд атлап, ол Шымбайға дейин барды, бес жылда питиўи тийис университет тоғыз айда питти. Қулласы, бир адамның бул ислердиң бәрине қалай үлгергенине тәсийин қаласаң.

Ол сол ўакыттағы мәмлекеттиң биринши басшысы Л.И.Брежневтиң қабыллаўында еки мәрте Орайлық Комитет секретарларының дерлик ҳәммесиниң қабыллаўында болды.

Қарақалпақстанның 100 процент электрлесиўи, 98 процент газлесиўи усындай пидәкерлик мийнеттиң нәтийжеси.

Ол республиканың биринши басшысы бола турып меншигине жай салмады, минисине жеңил машина алмады.

Қулласы, китапта буннан басқа да әхмийетли ҳәм қызықлы ўақыялар көп.

Муратбай Нызамов,

Қарақалпақстан халық жасыўшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги