Пайтахтымыз Нөкис қаласында спорттың мини футбол, волейбол ҳәм стол тенниси бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң кубогы ушын болып өткен жарыс жуўмақланып, жеңимпазлар анықланды.

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамына  бағышланып өткерилген жарыс министрликлерде, мәкеме ҳәм кәрханада ислеўшилер арасында денетәрбия менен спортты кеңнен үгит-нәсиятлаўда, оларды турақлы шуғылланыўға тартыўда қаншелли әҳмийетли екенлигин көрсетти. Дерлик бир ҳәптеге шамалас ўақыт даўам еткен кескин беллесиўлер мийнет жәмәәтлери арасында айрықша қызығыўшылық оятты.

Мини футбол бойынша өткерилген жарысқа 33 команда қатнасты. Қарсылас командасы үстинен 4:1 есабында жеңиске ерискен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының командасы жарыста үшинши орынды ийеледи. Жеңимпазлық ушын Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги менен Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы командалары майданға түсти. Өзлериниң шырайлы ойынлары менен көзге түскен  Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы командасы 5:1 есабында  жеңиске еристи.

Волейбол бойынша жарыслар қызықлы жағдайда өтти. Белгили тренер Азат Казаков басшылығындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының командасы барлық қарсыласлары үстинен жеңиске ерисип, кубок жеңимпазы болды. Екинши орынды Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының, үшинши орынды Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң волейболшылары ийеледи.

Өткен шемби күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң спорт сарайында жарыс жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев жарысқа белсене қатнасқанлары ушын бәршеге миннетдаршылық билдирип, қолға киргизген жеңислери менен қутлықлады.

-Жарыста стол тенниси бойынша қатнасып биринши орынды ийеледим,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң хызметкери Гозел Оразмухамедова.- Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң кубогы ушын бул жарыс ҳәр жылы өткерилиўин күтип қаламыз.

Жарыста биринши, екинши ҳәм үшинши орынды ийелеген командаларға кубок, диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды. Сондай-ақ, «Жеңиске умтылыўшылығы ушын», «Ең жақсы ойыншы», «Жасы үлкен ойыншы» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.