20-21-июль күнлери аралығында Ташкент қаласында Журналистлерди қайта таярлаў орайы  ҳәм Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Өзбекстан Республикасындағы Жойбарлар координаторы тәрепинен «Терроризмге қарсы гүресиўде ғалаба хабар қуралларының роли» атамасындағы екинши мәрте өткерилген семинарға Қарақалпақстан Республикасынан Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Ислам Матеков қатнасып қайтты.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан келген 20 дан аслам журналистлер қатнасты.

-Семинар быйылғы жылы төрт мәрте өткерилиўи режелестирилген болып, ондағы баслы мақсет журналистлерди усы тараўда материаллар жазыў, халық арасында профилактикалық жумысларды күшейтиўден ибарат, – дейди семинар қатнасыўшысы  Ислам Матеков.

Семинар қатнасыўшыларына Журналистлерди қайта таярлаў орайының тренерлери – РhD, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң халықаралық журналистика факультетиниң үлкен оқытыўшысы Б.Алимов ҳәм «Өзбекстан 24» телерадиоканалының аға редакторы Н.Тошпўлатовалар семинар барысында заманагөй террористлик ҳәрекетлердиң классификациясы, жаслар психологиясына сәйкес түрде терроризмге жетелейтуғын қәўипли экстремизм ҳәм радикализм (ТЖҚЭР) темасын сәўлелендириў бойынша Гантт Чарт тәртиби, телевидение, интернет-ҒХҚлар ушын ТЖҚЭРға байланыслы социаллық видеороликлер таярлаўдың өзине тән тәреплери, экстремистлик топарлар ҳәм халықаралық террористлик шөлкемлердиң медиа орталықтағы имиджи және тема дөгерегиндеги заманагөй усыллар ҳаққында  әмелий сабақлар өтти.

 Сондай-ақ, семинар даўамында усы тема бойынша әмелий көнликпелерге және үлкен тәжирийбеге ийе болған журналистлер – В.Михайлов ҳәм Ю.Черногаев, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша мәмлекетлик комитетиниң экспертлери журналистлер менен әмелий тәжирийбелер алмасты.

Мағлыўмат орнында соны да атап өтпекшимиз, бул семинардың май айында болып өткен дәслепки сессиясында да KarInform.uz сайтының редакторы,  Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Ислам Матеков қатнасып қайтқан еди.

Мақаламыз қаҳарманы усы жыл Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика қәнигелигиниң магистратура бөлимин тамамалап, өзиниң дәслепки мийнет жолын  Қарақалпақстан хабар агентлигинде  жумыс ислеўден баслады.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы