Пайтахтымыздағы «Истиқлол» сарайында 25-август күни Өзбекистан Республикасы Президентиниң жас талантлылар ушын шөлкемлестирилген «Ниҳол» сыйлығының ийелерин сыйлықлаўға бағышланған илаж болып өтти.
Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы мүнәсибети менен «Пидайың болғаймыз сениң, Өзбекистан!» сүрени астында шөлкемлестирилген бул илажға түрли дөретиўшилик шөлкемлердиң ўәкиллери, көркем өнер ғайраткерлери, музыка көркем өнери ықласбентлери мирәт етилди.
Елимизде миллий мәдениятымызға ҳәм көркем өнеримизге болған итибарды еле де күшейтиў, әсиресе, жас атқарыўшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды жаңадан-жаңа дөретиўшилик шеклерге руўхландырыў бағдарындағы әмелий жумыслар талантлылар қатарының барған сайын кеңейиўинде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. «Ниҳол» сыйлығы музыка көркем өнериниң түрли бағдарларында жигерли дөретиўшилик пенен шуғылланып атырған жас жигит-қызларды халқымызға танытыў, олардың дөретиўшилигин жаңа, буннан былай да жоқары дәрежеде жолға қойыўда жақыннан көмеклесиў сыяқлы ийгиликли мақсетлерге хызмет етпекте.
Мәмлекетимиз басшысы 2017-жыл 3-август күни елимиздиң дөретиўши зыялылары менен ушырасыўда атап өткениндей, жаслардың руўхый дүньясын байытыўда, олардың сана-сезимин зыянлы идеялардың тәсиринен исенимли қорғаўда дөретиўши халық, соның ишинде, көркем өнерге енди қәдем таслап атырған жас атқарыўшылардан да үлкен жуўапкершилик талап етилип атырғанын бүгин заманның өзи көрсетип тур.
2016-жыл октябрь-ноябрь айларында «Ниҳол» сыйлығы таңлаўының районлық (қалалық) таңлап алыў басқышлары өткерилген еди. Онда 13 мыңнан аслам дөретиўши жас өзиниң шеберлигин көрсетти. Олардың ең мүнәсиплери республикалық басқышқа қатнасып, классикалық қосық, музыка атқарыўшылығы, эстрада, опера атқарыўшылығы, аяқ ойын көркем өнери бағдарларында өзиниң музыкалық бағдарламаларын «Ниҳол» сыйлығы республикалық кеңеси ағзаларының, қәнигелер ҳәм экспертлердиң, кең жәмийетшиликтиң, көркем өнер ықласбентлериниң итибарына усынды.
Президентимиздиң Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма алты жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққындағы қарарына муўапық жас талантлылар ушын «Ниҳол» сыйлығына талабанлардың республикалық таңлап алыў басқышын және жеңимпазлардың атқарыўындағы концерт бағдарламасын байрамға сай тәризде өткериўге айрықша итибар қаратылды.
Усы таңлаўдың таңлап алыў басқышларында қосықлары менен жасларды жақсылыққа, Ўатан алдындағы жуўапкершиликти терең аңлаўға шақыратуғын, ел-журт, жәмийет, көркем өнер ықласбентлери алдындағы жәмийетлик парызын терең түсинетуғын, шын мәнисиндеги талант ийелерин анықлаўға үлкен итибар қаратылды. Соның менен бирге, қатнасыўшылардың адамгершилик ҳәм Ўатанды сүйиўшилик пазыйлети репертуарының мазмуны, профессионаллық таярлық дәрежеси, көркем өнерге болған умтылысына үлкен әҳмийет қаратылды.
Елимизде қурылып атырған көркем өнер мектеплери, балалар көркем өнер дөретиўшилик орайлары, музыка көркем өнери жолындағы турақлы итибар жаңадан-жаңа талант ийелерин жетилистириўге хызмет етип атырғаны бул дөретиўшилик жойбар процесинде тағы бир мәрте дәлиленди. Бул сыйлық ийелери өз бағдарлары бойынша жоқары оқыў орнына имтихан ҳәм тест сынақларысыз мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға кириў имканиятына, «Ниҳол»дың арнаўлы статуэткасы ҳәм ең кем айлық мийнет ҳақының 70 есеси муғдарында ақшалай сыйлыққа ийе болады.
…«Истқлол»дың саўлатлы залы ықласбентлерге толған. Тамашагөйлердиң қоллап-қуўатлаўы астында музыка сазлары жаңлайды. Елимизде көркем өнердиң барлық бағдарлары сыяқлы музыканың буннан былай да раўажланыўы, оның бийтәкирар мектеби менен дәстүрлериниң мәңгилиги тәмийинлениўи, жас талант ийелериниң еркин камал табыўы жолындағы зәрүр имканиятлардың, ғамқорлықтың әмелий нәтийжелери сахнада жаңлаған музыкалық шығармалар, рәң бәрең бағдарламалар, йошлы қосықлар, шоқ аяқ ойынлар мысалында және де айқын көринеди.
Жигирма жас атқарыўшы «Ниҳол» сыйлығының 2017-жылғы ийеси сыпатында жәрияланды. Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги және миллий телерадиокомпания биргеликте қол қойылған меморандумға тийкарланып «Ниҳол»дың жаңа ийелери бир жыл даўамында өзиниң қосықларын телерадиоканалларда бийпул эфирге жеткерип бериў, аудиостудияларда жеңилликли музыка жазыў имканиятына ийе болады.
– Бүгин жас қосықшы ямаса музыка атқарыўшылары ушын мисли көрилмеген шараятлар менен имканиятлар жаратып берилмекте, – дейди «Ниҳол» сыйлығы ийеси сурхандәрьялы Қаҳрамон Рашидов. – бундай үлкен итибар бизди және де белсенди болыўға, Ўатанымыз, халқымыз, устазларымыз алдындағы жуўапкершиликти, дөретиўшилик парызымызды еле де тереңирек түсиниўге, билдирилип атырған жоқары исенимди ақлаўға , оған мүнәсип болыўға шақырады.
Кешеде әзиз Өзбекистанымызды, тыныш ҳәм татыў, бахытлы турмысымызды, халықымыздың абаданлығы, жаслардың келешеги жолындағы үлкен итибарды жырлайтуғын қосықлар жаңлады.
Илажда Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары, республикалық Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Т.Норбаева шығып сөйледи.
Н.УСМАНОВА,
ӨзАның хабаршысы