Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласында «ММФИ» миллий ядролық изертлеў университети» федераллық-мәмлекетлик автономиялық жоқары оқыў орнының филиалын ашыў ҳәм оның жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы қарарға қол қойды.

Филиал ядро энергетикасы ҳәм ыссылық физикасы тараўында инженер-техник хызметкерлерди таярлайды, сондай-ақ, ядро физикасы тараўында фундаментал ҳәм әмелий илимий изертлеўлерди жүргизеди.

Филиал билимлендириў хызметин 2019-2020-оқыў жылынан баслайды. Билимлендириў тийкарғы мәкеме тастыйықлаған оқыўлық режелер ҳәм бағдарламалар бойынша алып барылады.

«ММФИ» филиалына қурылысы жуўмақланбаған радиохимиялық комплекс ҳәм оған тутас болған аймақлар бериледи. Бул жерде имаратлардың реконструкциясы, студентлер ҳәм оқытыўшылардың жасаўы ушын жатақхананы таярлаў жумыслары басланады.

Мәмлекетлик грант тийкарында билим алған филиал питкериўшилери Өзбекстанның өндирислик-санаат шөлкемлеринде кеминде 5 жыл ислеп бериў шәрти тийкарында жумысқа жибериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.