Быйылғы жылғы жоқары оқыў орынларына қабыллаў ушын тест сынақлары 1-15-август күнлери аралығында өткерилетуғынлығы ҳаққында алдынғы материалларымыз арқалы хабар берген едик.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы Интернет тармағы арқалы тест сынақлары өткерилетуғын күн, орын ҳәм ўақытты билип алыў имканиятын жаратты. Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы ўәкили Музаффар Абдуллаев Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Ислам Матеков пенен сәўбетлесиўинде бул ҳаққында айтып өтти.

Хош, бул қалайынша әмелге асырылады?

Мәмлекетлик тест орайының dtm.uz сайтында testday.dtm.uz платформасы жаратылды. Бул платформа арқалы жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырған ҳәр бир абитуриент өзиниң жеке паспорт мағлыўматларын киргизиў арқалы өзиниң тапсырған қәнигелиги бойынша қайсы күни, қай жерде ҳәм қай ўақытта тест сынақлары болып өтетуғынлығын билип алыўы мүмкин.

Орай қәнигесиниң билдириўинше, бул әмелиятты усы жылдың 25-июль сәнесинен баслап әмелде қолланыўға болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.