Өзбекстан Қытайды Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылығы шеңберинде белгиленген илажлар комлексин әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таяр. Бул пикирди Өзбекстан Республикасының ШБШ жумыслары бойынша координаторы Нуриддин Убайдуллаев жақында ҚХР жетекши мәлимлеме агентлиги –Синьхуа хабаршысына берген эксклюзив интервьюинде және бир рет тастыйықлады.
Дипломатымыздың айтып өткениндей, ҚХР ҳүкимети таңлаған, 2024-2025-жылларда ШБШ басшылығының Қытайға өтиўи мүнәсибети менен мәмлекетимиз Сыртқы ислер министрлигинде болып өткен брифинг ўақтында мәлим етилген барлық тийкарғы бағдарларды Өзбекстан тәрепи толық мақуллайды.
-Шөлкемге басшылық режесине муўапық, 100 ден аслам илаж өткерилиўи нәзерде тутылған, -дейди Н.Убайдуллаев.- Бул процесс бирге ислесиўдиң тек ғана ШБШ майданында қәлиплестирилген дәстүрий бағдарлары емес, ал ишки регионлараралық саўда, санаат кооперациясы, өз-ара байланыс шынжыры, инновация, кәмбағаллықты қысқартыў, азық-аўқат қәўипсизлиги, денсаўлықты сақлаў, «жасыл» раўажланыўды қаржыландырыў, индустрияластырыў, санлы трансформация сыяқлы жаңа, бүгинги күн талабына сай тараўларды раўажландырыў мақсетин де қамтып алған.
ҚХР Баслығы Си Цзиньпин алға қойған 2025-жылды «ШБШны турақлы раўажландырыў жылы» деп жәриялаў басламасы ҳәм Глобаллық раўажланыў басламасы басшылық Режесине киргизилиўи Қытайдың структураның тийкарғы принциплерине садықлықты беккемлеўге конструктивлик көзқарасы мәнисин толық ашып береди.
-Бүгин ШБШ майданында халықларымыздың абаданлығын арттырыў, турмыс шараятын жақсылаўға хызмет ететуғын экономикалық бирге ислесиўди және де раўажландырыў оғада әҳмийетли ўазыйпаға айланбақта,- деп даўам етеди Өзбекстан Республикасының ШБШ жумыслары бойынша координаторы. Бундай шараятта саўда-экономикалық байланыслар ҳәм транспорт инфраструктурасын қәлиплестириў бойынша бар үлкен бар потенциалды жүзеге шығарыў регионаллық экономикалық шерикликти раўажландырыўдың унамлы тенденциясын тәмийинлейди ҳәм ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиў механизмлерин жетилистириўге жәрдем береди. Соның ушын да Қытай тәрепи усыныс етип атырған барлық жойбарлар Өзбекстанның басламалары менен сәйкес болмақта. Бул көзқараслар логикалық жақтан өз-ара үйлесип, бир-бирин толықтырады.
Оның пикиринше, мәмлекетимиздиң сыртқы сиясатындағы тийкарғы бағдарлардан бири болған ШБШ ашық прагматикалық ҳәм кең көлемли өз-ара мәплерге тийкарланған бирге ислесиў жолын даўам еттириў ушын ҳәр қашанғыдан да көре зәрүрли көп тәреплемели платформа сыпатында көзге тасланбақта.
Улыўма, бизиң Шөлкем шеңбериндеги шериклигимиз ҳаққында сөз етилгенде, соны атап өтиўимиз керек, Өзбекстан ШБШ Хартиясының ўақыт сынағынан өткен беккем принциплерине сүйенген бирге ислесиўимиздиң келешегине үлкен исеним менен қарайды,-деп сөзин жуўмақлаған Н. Убайдуллаев.
ӨзА