Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова Өзбекстанның БМШтағы турақлы ўәкилханасында шөлкемлестирилген бир қатар илаж ҳәм әҳмийетли ушырасыўларда қатнасты.
Нью-Йорк қаласында Омбудсман БМШтың Халықтаныў қорының (UNFPA) Атқарыўшы директорының орынбасары Дейн Кейта менен ушырасты.
Сөйлесиў алдында Д.Кейта Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы менен қутлықлап, соңғы жыллары Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың перспективасы ҳәм көлемин атап өтти. Инсан ҳуқықларын, соның ишинде, гендер теңликти тәмийинлеў, халықты, жасларды социаллық қоллап-қуўатлаў, ҳаял-қызларды шаңарақлық зорлықтан қорғаў бойынша әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелерин унамлы баҳалап, бақлап барып атырғанын атап өтти.
Усы жылдың 14-февраль күни Омбудсман БМШ Халықтаныў қоры ўәкилханасының жаңа тайынланған баслығы Нигина Абасзаде менен ушырасқанда бирге ислесиў режелери белгилеп алынған еди.
Дейн Кейта менен сөйлесиўде ол усы режелерди әмелге асырыў ҳәм өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўден мәпдар екенин билдирди.
Қызғын ҳәм дослық руўхында өткен ушырасыўда перспективадағы бирге ислесиў бағдарлары белгилеп алынды.
ӨзА