Бүгин Өзбекстан үлгили сиясат алып барып, Германия Федеративлик Республикасы ҳәм Европаның басқа мәмлекетлери менен байланысларды белсенди, конструктивлик руўхта раўажландырмақта.

Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекет басшысы сондай реформаларды баслады, соның менен бирге, нәтийжеде барлық бирге ислесиўшилерге өз-ара қатнасықларды беккемлеў имканияты пайда болды. Бул үлкен табыс пенен Президент Шавкат Мирзиёевти қутлықлаў мүмкин.

Өткен жылы Берлин қаласында республика жетекшиси ҳәм ГФР Президенти Франк-Вальтер Штайнмайердиң қатнасыўында болып өткен Өзбекстанның археологиялық қазылмаларына бағышланған таң қаларлық көргизбе шөлкемлестирилген еди. Сол илаж шеңберинде Шавкат Мирзиёевтиң усынысы менен Германия – Өзбекстан форумы да өткерилди. усы тәризде еки мәмлекет арасындағы байланысларды беккемлеў жолында және бир исенимли қәдем тасланды. Бүгин болса бирге ислесиўимиз көлеми Өзбекстаннан келген қәнигелер ушын жумыс орынларын жаратыўдан баслап, Германиядағы компанияларды Өзбекстанға инвестиция киргизиў ушын тартылғанына шекемги ҳәр қыйлы әҳмийетли бағдарларды қамтып алған. Бул процессте экономикалық бирге ислесиў үлкен әҳмийетке ийе.

Берлин ҳәм Ташкент қалалары көп жылдан берли жақын шерик болып есапланады. Ҳәр еки тәреп байланысты турақлы жеделлестириў нийетинде. Быйыл октябрь айында келисимлерди жаңалаў, бирге ислесиўдиң жаңа тәреплерин белгилеў ҳәм раўажландырыў мақсетинде Берлиннен еки сенаторды Ташкентке жибериў режеси тастыйықланды.

Мәмлекет басшысының ақылға уғрас сиясаты нәтийжесинде регионда ҳақыйқый жетекшиликти қолға алып атырған Өзбекстан жақын келешекте раўажланған, үлкен әҳмийетке ийе мәмлекетлер қатарына қосылатуғынына исенемен.

Реформа Парламент сайлаўы системасында да әмелге асырылып атырғаны, бул ретки сиясий илаж мажоритар система тийкарында өткерилиўин де унамлы баҳалайман. Октябрь айының ақырында  болып өтетуғын сайлаўда жәмийеттиң барлық социаллық топарлары белсене қатнасыўы ушын барлық имканият жаратылмақта.

Биз Германиядан турып, мәмлекетиңиз соңғы жыллары демократия тийкарында раўажланып атырғанын бақлап бармақтамыз. Бул реформалар жәмийеттиң барлық қатламларында нәтийже берип атырғанын билдиреди. Гезектеги сайлаў нәтийжесинде процесс және де раўажланып, Өзбекстан ҳәм ГФР байланыслары көлеминиң кеңейиўине хызмет ететуғынына исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, және бир мәрте өзбек халқын Ғәрезсизликтиң 33 жыллығы менен  қызғын қутлықлайман.

Детлеф Принц,

«Германия-Өзбекстан форумы» президенти.

ӨзА