Президент Шавкат Мирзиёев 4-сентябрь күни мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў, қәбилетли жаслар менен ислесиў системасын жетилистириў бойынша усыныслар презентациясы менен танысты.

Шахс тәрбиясы ҳәм раўажланыўына балалықтан тийкар салынады. Соның ушын мәмлекетимиз тәрепинен мектепке шекемги билимлендириў системасына айрықша итибар қаратылмақта. Кейинги жети жылда бул системаға қамтып алыў дәрежеси 27 проценттен 74,6 процентке көтерилди. Келеси бес жылда оны 80 процентке жеткериў мақсет етилген.

Соның менен бирге, тәлим-тәрбия мазмуны да әҳмийетли. Бул оқыў-методикалық қолланбалар тәмийнаты, тәрбияшылар потенциалы, жаңаша қатнаслар сыяқлы көп факторларды талап етеди.

Презентацияда мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған усыныслар көрип шығылды.

Соның ишинде, қамтып алыўды кеңейтиў мақсетинде мектеплердиң бос жерлерине мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында рухсат бериў нәзерде тутылмақта.

Мәмлекетлик бағдарлама тийкарында ислеп шығылған оқыў-методикалық материаллар барлық бақшаларда да толық емес. Мәмлекетлик емес мәкемелер интернет дәреклеринен пайдаланбақта. Соның ушын енди барлық бағдарламалар Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң веб-сайтында жайластырылыўы ҳәм оннан бийпул пайдаланылыўы белгиленбекте.

Алдыңғы сырт ел тәжирийбесинде балалардың ақылый ҳәм когнитив потенциалы, физикалық, руўхый, социаллық жағдайы турақлы бақланып, тәрбияға бағдарланады. Соннан келип шығып, Мектепке шекемги билимлендириўди басқарыў мәлимлеме системасында «Баланың раўажланыў картасы»н алып барыў ўазыйпасы қойылмақта.

Бақшалардағы педагоглардың үлкен бөлеги орта арнаўлы мағлыўматлы. Тараўда тәжирийбе арттырыўдың ҳәзирги мүддети бес жылда бир мәрте. Бул процессти жеделлестириў мақсетинде маманлық курслары аралығында «Методикалық шеберлик сааты» ҳәм «Методикалық шеберлик күни» илажларын өткериў мөлшерленбекте. Сондай-ақ, бул бағдардағы жоқары билимлендириўде дуал билимлендириў түрин ашыў, сыртқы ҳәм кешки оқыўларда мақсетли квоталарды арттырыў усыныс етилмекте.

Бүгинги күнде мәмлекетлик бақшаларда қатнас, азық-аўқат қәрежетлери қағаз түринде толтырылмақта. Енди биометрикалық идентификациялаў технологиясын қолланған ҳалда есабатларды санластырыў талабы қойылмақта.

Презентацияда қәбилетли жаслар менен ислесиўди жетилистириў илажлары да додаланды.

Соңғы жыллары бул бағдарда таярлық ҳәм бәсеки системасы әдеўир өзгерди. 2022-жылы өзбекстанлы оқыўшылар халықаралық пән олимпиадаларында 45 медаль алған болса, быйыл 113 ге жетти. Тийкарында дүньяға шыға алатуғын билимли жасларымыз және де көп.

Оларды пухта таярлап, нәтийжелиликти арттырыў ушын халықаралық пән олимпиадалары қатнасыўшыларын 5-8-класслардан баслап сайлап алыў жолға қойылады. Ҳәр бир пән бойынша оқыў бағдарламалары, әдебиятлар, методикалық усыныслар ҳәм қолланбалар жетилистирилип, оқыўшы ҳәм устазларға жеткериледи. Сайланды командаларға сырт ел қәнигелери тартылады, сырт ел командалары менен биргеликтеги жыйынлар өткериледи.

Ҳәзирги күнде 22 халықаралық ҳәм регионаллық пән олимпиадаларында жеңимпаз болған оқыўшылар ақшалай сыйлық пенен сыйлықланбақта. Енди сыйлықланатуғын олимпиадалар саны 28 ге арттырылады. Республикалық ҳәм халықаралық олимпиадаларда жеңимпаз болған оқыўшылар, олардың муғаллимлери ҳәм сайланды команда басшыларына төленетуғын ақшалай сыйлықлар ҳәм дәраматлар дәрамат салығынан азат етиледи.

Мәмлекетимиз басшысы усынысларды және де тереңирек үйренип, ҳәр тәреплеме жетилистириў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА