Бул ҳаққында Европа Аўқамының мәмлекетимиздеги делегациясы мәлимлеме хызмети мәлим етти.

Өзбекстан – Европа Аўқамының аўыл хожалығы бойынша комиссары Януш Войцеховскийдиң сапарынан гөзленген мақсет ЕАның Өзбекстан ҳәм регион менен бирге ислесиўин беккемлеўге қаратылады.

Комиссар Войцеховский сапары даўамында «Теңизге шығыў жоллары болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер: азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлери» темасындағы халықаралық форумда қатнасады.

Ол өзиниң шығып сөйлеўинде теңизге шығыў жоллары болмаған раўажланып атырған мәмлекетлердиң аўыл хожалығын басқарыўдың турақлы усыллары ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде Европа Аўқамының қоллап-қуўатлаў бойынша избе-из ис-ҳәрекетине тоқтап өтеди.

Форум шеңберинде Войцеховский мырза ҳүкимет ўәкиллери, атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов пенен еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.

Бул ушырасыўлар аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, саўда-сатық перспективалары ҳәм турақлы аўыл хожалығын алға қойыў бойынша басламаларды додалаў имканиятын береди.

Бул сапар етиў Европа Аўқамының Өзбекстан менен избе-из бирге ислесиўи шеңберинде әҳмийетли қәдем екенинен дәрек береди.

Климат өзгериўи, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм азық-аўқат өнимлерин сақлаў ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў сыяқлы глобал машқалаларды шешиўде бир мақсетте екенлигин тастыйықлайды.

Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА