Ташкент қаласында Өзбекстан-Беларусь екинши ҳаял-қызлар форумы шеңберинде тоқымашылық ҳәм былғары санааты тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған илаж өткерилди.
Онда тәреплер инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, экспорт-импорт мәселелеринде өз-ара қатнасықларды беккемлеў мәселелеринде сөйлести. Сондай-ақ, тоқымашылық, кийим-кеншек ҳәм трикотаж санаатын раўажландырыў ҳәм экспорт-импорт көлемин арттырыў ушын қолайлы шараятларды жаратыўға байланыслы илажлар да додаланды.
Илажда атап өтилгениндей, мәмлекетимизде 2016-жылы 512,0 миллиард сумнан артық санаат өними ислеп шығарылған болса, 2023-жылға келип бул көрсеткиш 6,5 триллион сумға жеткен. 2024-жылы болса өним ислеп шығарыўдың өсиў пәтлерин дерлик 7 есеге арттырыў режелестирилген.
2023-жыл даўамында Беларусь Республикасына 50 миллион долларлық тоқымашылық өнимлери экспорт етилген.
«Өзтоқымашылықсанаат» ассоцациясы мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, илажда өзбек тоқымашылары менен бир қатарда Беларусьтағы бир қатар ири компаниялардың ўәкиллери қатнасып, өзбекстанлы тоқымашылық исбилерменлери менен келешекте бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди.
Илаж соңында улыўмалық баҳасы 4,5 миллион долларлық бир қатар экспорт шәртанамаларына қол қойылды.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА