Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилисинде «Жер асты ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда додаланды.

Бул нызам жойбары жер астын геологиялық үйрениў, оннан нәтийжели ҳәм жуўапкершилик пенен пайдаланыў, оны заманагөй әмелият пенен үйлесикли түрде қорғаў ҳәм системалы қадағалаўды тәмийинлеўге қаратылған. Нызам жойбары менен жер астынан пайдаланыў ҳуқықы ушын рухсатнамаларды бериў, есабатларды қабыллаў ҳәм басқа тараўдағы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў пероцесслеринде «бир айна» принципи енгизилмекте. Сондай-ақ, руда емес шийки зат кәнлерин излеп табыў ҳәм өзлестириўге байланыслы нормалар күшейтилмекте.

Мәжилисте атап өтилгениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи жер асты байлықларын жуўапкершилик пенен геологиялық жақтан үйрениў ҳәм олардан пайдаланыў, заманагөй өндирис қуўатлықларын иске қосыў, турақлы жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.

Мәжилисте күн тәртибиндеги басқа мәселелер де көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

М.Комилова, ӨзА