Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынларында 2018-2019-оқыў жылынан баслап сыртқы билимлендириў формасында бакалаврлар таярлаў бойынша қабыллаў квоталары тастыйықланғаны ҳаққында хабар берген едик.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине 2018-2019-оқыў жылы ушын сыртқы бөлимге жәми 400 студент – соннан 210 студент қарақалпақ тили топары, 190 студент өзбек тили топарларына төлемли контракт тийкарында қабыл етиледи.
Хош, университет сыртқы бөлимине қайсы қәнигеликлер бойынша студентлер қабылланады.
№ |
Қәнигелик коды ҳәм атамасы | Жәми қабылланатуғын студентлер саны | Қарақалпақ топары | Өзбек топары |
1 | 5112000 – Дене мәденияты |
25 |
15 | 10 |
2 | 5120101 – Филология ҳәм тиллерди оқытыў: өзбек тили |
50 |
50 |
|
3 | 5120103 – Филология ҳәм тиллерди оқытыў: қарақалпақ тили |
50 |
50 |
|
4 | 5120300 – Тарийх (мәмлекетлер ҳәм аймақлар бойынша) |
25 |
15 |
10 |
5 | 5140100 – Биология (түрлер бойынша) |
50 |
25 |
25 |
6 | 5220100 – Журналистика (хызмет түрлери бойынша) |
25 |
15 |
10 |
7 | 5230100 – Экономика (тармақлар бойынша) |
50 |
25 |
25 |
8 | 5230900 – Бухгалтерия есабы ҳәм аудит (тармақлар бойынша) |
50 |
25 |
25 |
9 | 5311500 – Геодезия, картография ҳәм кадастр (функциялар бойынша) |
50 |
25 |
25 |
10 | 5630100 – Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў (тармақлар бойынша) |
25 |
15 |
10 |
Жәми: |
400 | 210 |
190 |
Еслетип өтемиз, жоқары оқыў орынларының сыртқы бөлимине тек ғана төлемли контракт тийкарында студентлер қабылланады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.