Өз қарсыласлары үстинен жеңиске ерискен Франция ҳәм Хорватия сайланды командаларының футболшылары жәҳән чемпионатының финалына жоллама алды.

Ярым финальдың дәслепки ойыны Франция ҳәм Бельгия сайланды командалары арасында 10-июль күни Санкт-Петербург қаласында болып өтти. Қәнигелер тәрепинен финаль алдындағы финаль деп баҳа берилген бул ойын бәршениң дыққат итибарында болды.

Дидье Дешамның тынып-тыншымас жас шәкиртлери майданда өзлериниң шырайлы ойынлары менен көзге түсип, бүгинги күни бельгиялылардан тәжирийбе бойынша бираз үстин екенликлерин көрсетти. Ойынның 51-минутында мүйештен жеткерип берилген топты қорғаўшы Самуэль Умтити басы менен бельгиялылардың дәрўазасына жоллап, есапты ашты.

Бул есап ойынның ақырына шекем сақланып қалды. Солай етип, франциялылар өз тарийхында екинши мәрте жәҳән чемпионы деген атаққа ерисиў ушын және бир имканиятқа ийе болды.

Егерде олар финальда жеңиске ериссе,  Дидье Дешам ойыншы сыпатында да, тренер сыпатында да жәҳән чемпионы деген атаққа миясар болады.

Екинши ярым финаль ойыны 11-июль күни Англия ҳәм Хорватия командалары арасында Мосвадағы «Лужники» стадионында болып өтти.

Ойынның тийкарғы бөлими 1:1 есабында теңбе-тең жуўмақланды.

Бас төреши тәрепинен белгиленген қосымша ўақыттың екинши таймында Манджукич тәрепинен өткерилген топ хорватиялыларға жеңис алып келди. Солай етип, хорватиялылар өзлериниң тарийхында биринши мәрте финальға жоллама алды.

Жәҳән чемпионатында Бельгия ҳәм Англия футболшылары арасындағы үшинши орын ушын ойын 14-июль күни Санкт-Петербург қаласында, Франция ҳәм Хорватия командалары арасындағы финаль ойыны болса 15-июль күни Мосвадағы «Лужники» стадионында болып өтеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.