Өзбекстан спорт делегациясы футбол ойынынан соң және бир спорт түри бойынша өзлериниң дебютин иследи. Атап айтқанда, 25-июль күни оқ жайдан атыў бойынша Зиёдахон Абдусатторова Париж—2024 жазғы Олимпиада ойынларында жеккелик беллесиўлерде таңлап алыў басқышында қатнасты ҳәм онда 649 упай топлап келеси басқышқа шығыўға миясар болды.

Енди Абдусатторова 30-июль күни 1/32 финал басқышынан Олимпиада медальлары ушын гүрести баслайды ҳәм бул басқышта ол Maрия Хорачкова  менен өз-ара беллесиўге түседи.

Ал, қубла кореялы  Лим Шихён бул басқышта 694 упай топлап, оқ жайдан атыў бойынша дүнья жүзиниң рекордын орнатыўға миясар болды.

Буннан алдынғы рекорд және бир қубла кореялы Кан Че Ёнге тийисли болып, ол 2019-жылы орнатылған еди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.