Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимизде 30-июнь – «Жаслар күни» сыпатында кеңнен белгиленбекте. Усы жылы да июнь айы мәмлекетимизде «Жаслар айлығы» деп жәрияланды.

Айлық шеңберинде 26-30-июнь күнлери елимизде дәслепки мәрте Жер жүзилик жаслар фестивалы өткерилди. Фестивальда планетамыздың 92 мәмлекетинен 700 ден аслам жаслар қатнасты. Олар Ташкент қаласы, Самарқанд, Бухара, Жиззақ ҳәм Хорезм ўәлаятларында илаж шеңбериндеги 15 жойбарда өз идеялары ҳәм басламалары менен қатнасып, тәжирийбе алмасты.

30-июнь – «Жаслар күни» байрамы ҳәм Жер жүзилик жаслар фестивалының жабылыўы мүнәсибети менен Ташкент қаласындағы «Humo Arena» муз сарайында гала-концерт өткерилди.

Салтанатлы илажға билимлендириў, көркем дөретиўшилик, спорт тараўларында жеңислерге ерискен жаслар, мәмлекетимиздиң жоқары билимлендириў орынларында билим алып атырған жигит-қызлар, улыўма билимлендириў мектеплериниң питкериўшилери мирәт етилди.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан жасларына байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаменти басшысы Одил Абдураҳмонов оқып еситтирди.

Қутлықлаў «Сиз, әзизлерди мәмлекетимиз турмысындағы қутлы әййям – Жаслар күни менен шын жүректен қутлықлайман», деген сөзлер менен басланады. «Биз өз алдымызға қойған үлкен мақсетлеримиздиң орынланыўын, Жаңа Өзбекстанның келешегин пүткил ел-журтымыз қатары сиздей жигерли перзентлеримиз бенен байланыслы ҳалда көремиз. Сол себепли, жаслардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, оларды кәмалға келтириў мәмлекетимиз сиясатының ең әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында ҳәр қашан итибарымыз орайында болып келмекте».

Ҳақыйқатында да, мәмлекетимизде жаслар сиясаты бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслар дүнья көлеминде тән алынбақта. Өткен жылы Жаслар раўажланыўы индексине бола Өзбекстан жаслар сиясаты тараўында ең тез раўажланып атырған мәмлекетлерден бири, деп тән алынғаны да соннан дәрек береди. Сондай-ақ, БМШ тәрепинен «Жаслар стратегиясы – 2030»ды үлги тәризинде әмелге асырыў бойынша таңлап алынған 10 мәмлекеттен бири әйне Өзбекстан болып табылады. 2022-жылы Бухара қаласы – Түркий дүнья жаслары пайтахты, 2024-жылы болса гөззал Ташкентимиз – Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы көлеминде биринши жаслар пайтахты деп жәрияланды.

Салтанатлы илажда айрықша атап көрсетилгендей, «Жаңа Өзбекстан жаслары» деген даңқлы атқа ҳәр тәреплеме мүнәсип болған бундай жигит-қызлар жанажан Ўатанымыздың бийбаҳа байлығы, алтын қоры!

Илажда Жаслар ислери агентлиги директоры Алишер Саъдуллаев мәмлекетимиз жасларын байрам менен қутлықлап, мәмлекетимиз басшысының келешегимиз қурыўшылары болған жигерли жасларға қаратылған итибары, сондай-ақ, күни кеше Көксарайда өткерилген илажлар, жаслар менен сөйлескени ҳаққында айтып өтти.

– Мине, 8 жылдан берли бул күн елимизде жоқары кейпиятта байрамланбақта. Ең әҳмийетлиси, өзбекстанлылардың өмиринде умытылмас күнге айланып атырған жаслар илажлары мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларын белгилеп бермекте, – деди А.Саъдуллаев. – Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жаслар сиясаты, жас әўладтың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бәршемизди қуўантты. Жасларымыздың көзиндеги қуўаныш, келешекке болған умтылысы журтбасшымызға үлкен күш береди.

2024-жылы «Жаслар айлығы» шеңберинде республикамыз бойынша 15 мыңнан аслам жаслар менен ашық сәўбетлер өткерилетуғынын атап өтиў керек. Қалаберсе, «Исбилерменлик ҳәм кәсип-өнер», «Илим ҳәм инновациялар», «Билимлендириў ҳәм китапқумарлық», «Мәденият, көркем өнер ҳәм дөретиўшилик» ҳәптеликлери шеңберинде руўхый-ағартыўшылық, мәдений-кеўилашар, әскерий ўатан сүйиўшилик илажлары өткерилди.

Сондай-ақ, мәҳәлле жаслары арасында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде жарыслар, «Мушоира», «Ибрат» ҳәм «Зәкаўат» таңлаўларының сектор басқышлары, «Жас китапқумар шаңарақ» таңлаўының аймақлық басқышлары, «Бес баслама паралимпиадасы»ның мәмлекет басқышы болып өтти.

Илажда мәмлекетимиз басшысының соңғы бир жыл ишинде жаслар менен ушырасыўлары, сәўбетлери, жарыслардағы қатнасы, қутлықлаўлары сүўретленген «Президент ҳәм жаслар» атамасындағы видеоролик қойып берилди.

– Ҳәр бир инсан өз елинде итибар, ардағында болыўды қәлейди. Бүгин мәмлекетимиз басшысының ҳәрекетлери, атап айтқанда, усыныс ҳәм басламалары менен биз жасларға көптен-көп шараятлар жаратып берилген. Бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, келешегимизди қурыўымыз ҳәм Өзбекстан қурыўшылары атына мүнәсип үлес қосыўымыз керек – дейди Ташкент шығыстаныў университетиниң студенти Маржона Салимова.

Дослық, бирлик, көркем өнер, жаслық, камолот байрамына айланған салтанатлы илажда бәркамал әўлад перспективалы жолында көрсетилип атырған шексиз меҳир ҳәм итибар, жаңаланыўға қарай жүз бурған Өзбекстанның күшли раўажланыў қәдемлери, пәк ҳәм сезимлерди жырлаўшы қосықлар, арнаўлы музыкалы бағдарлама көрсетилди.

 

 

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзА хабаршысы