Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында өткерилип атырған видеоселектор мәжилиси күн тәртибиндеги гезектеги мәселе – қурылыс ҳәм транспорт комплексиндеги тийкарғы ўазыйпалар да додаланды.

Қурылыс тараўы ярым жылда 10 процентке өсип, 80 триллион сумға жетти. Сондай болса-да, қәтержамлыққа берилмей, қурылыста өзине түсер баҳасын төменлетиў бойынша қатаӊ шуғылланатуғын ўақыт келгени атап өтилди.

Қурылыстыӊ өзине түсер баҳасы тек ғана жер ҳәм қурылыс материлларына байланыслы емеслиги, техникалық талапларды бейимлестириў, жойбарды келисиў, қурылысқа рухсат алыўдағы қатаӊ тәртип-қағыйдалар да өзине түсер баҳасына тәсир ететуғыны атап өтилди.

Бул бағдардағы процесслер жетилистирилип, исбилерменлер ушын шараятлар жақсыланса, қурылыс материаллары, элтехсанаат, ипотека хызметлери сыяқлы бир қатар тараўлардыӊ раўажланыўына үлкен түртки болады.

Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министри Ботир Зокиров денсаўлығы себепли лаўазымынан босатылды, министрдиӊ биринши орынбасары Шерзод Ҳидоятов министрдиӊ ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланды.

ӨзА