Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша биринши ярым жыллықта әмелге асырылған жумыслар ҳәм келешектеги ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Атап өтилгениндей, «Жасыл» энергетикадағы реформалар нәтийжесинде ҳәзирги ўақытқа шекем иске түскен 2,4 гигаваттлы 10 қуяш ҳәм самал электр станциялары есабынан биринши ярым жыллықта 1,6 миллиард киловатт «жасыл» энергия алынды.
Бул ярым миллиард куб метр газди үнемлеў имканиятын берди.
Усы жылдың өзинде мәҳәллелерди абат етиў, бақша, мектеп, медицина, жол, суў, электр сыяқлы инфраструктураны жақсылаў ушын бюджеттен 31,5 триллион сум ажыратылды. Буған және 1,5 триллион сум ажыратылыўы белгиленди.
Жыл басынан 18 мың 600 жаңа турақ жай қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.
Өткен алты айда 26 мың шаңараққа 7 триллион сумға шамалас ипотека кредити ажыратылды. Олар бойынша басланғыш төлем ҳәм процентти қаплаў ушын 545 миллиард сум субсидия берилди.
ӨзА