Шымбай районында Ѳзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы алдынан «Биз бир болсақ-бир халықпыз, бирлессек-Ўатанбыз» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық фестивалы болып өтти.
Оған елимизге белгили жазыўшы-шайырлар, илим ғайраткерлери, театр ҳәм кино актёрлары, эстрада қосықшылары ҳәм аймақ турғынлары белсене қатнасты.
Районға барған үгит-нәсиятшылар топары дәслеп райондағы «Руўхыйлық орайы»нда болып, бул жердеги қарақалпақ әдебиятының уллы ўәкиллери Күнхожа Ибрайым улы, Бердақ Ғарғабай улы ҳәм қарақалпақ бақсышылық өнериниң тийкарын салыўшы Ақымбет бақсылардың мақбараларын зыярат етти.
Соңынан топар ағзалары районның ең шетки аймақларының бири есапланған Майжап аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 16-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып, ол жерде «Зыялылар форумы»н өткерди.
Форумда филология илимлериниң кандидаты, профессор Раҳимбай Жуманиязов, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурмонов, эстрада қосықшысы Ирода Искандарова, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Гүлистан Дәўлетова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде соңғы жыллары жүз берип атырған ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар туўралы кең түрде айтып, бул жаңаланыўлардың барлығы мәмлекетимиз ғәрезсизлиги ҳәм онда жүргизилип атырған әдил сиясаттың нәтийжесинде екенлигине айрықша тоқтады.
Форум шеңберинде шайырлар тәрепинен ғәрезсизлик, ана-Ўатан ҳәм туўылған жерди жырлаўшы жаңа қосықлар оқылып, қосықшылар тәрепинен йошлы қосықлар атқарылды.
Сондай-ақ, илаж қатнасыўшылары мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған сүўретлер ҳәм миллий буйымлар көргизбеси менен танысып, бир қатар оқыўшыларға оқыў қураллары ҳәм әдебий китапларды саўға сыпатында тапсырды.
Усылар менен бир қатарда фестивал шеңбериде Тағжап аўыл пуқаралар жыйынындағы Мәденият райында «Кино кәрўаны» жойбары шөлкемлестирилип, «Қарақалпақкино» агентлиги тәрепинен «Илҳақ» киносы тамашагөйлер нәзерине усынылды.
Ал, кешқурын болса, район орайындағы Амфитеатрда Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан эстрада жулдызларының қатнасыўында концерт бағдарламасы қойып берилип, бул аймақ халқын шексиз қуўанышқа бөледи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.