Қувада Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Ферғана ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған мәжилис даўам етпекте.

«Ферғана – Әндижан» магистрал жолының Қувадан өткен бөлегиндеги 11 гектарда 40 миллион долларлық саўда ҳәм сервис объектлерин жайластырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Президент районда мебелшиликти раўажландырыў, «Шаҳристон Кубоси» археология естелигинде аспан астында музей қурыў ҳәм туристлерди тартыў сыяқлы имканиятларды да көрсетип өтти.

Усыларды есапқа алып, санаат, аўыл хожалығы, саўда ҳәм туризмди жедел раўажландырыў, инфраструктураны жақсылаў бойынша жаңа көзқараслар тийкарында Қува районы ушын еки жыллық бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.

Қува экономикасының өсиў ноқаты болған ҳәр бир аймақ бойынша мастер реже ислеп шығылады ҳәм 100 миллиард сум ажыратылады.

Транспорт министрлигине «Ташкент – Әндижан» жөнелисиндеги жолаўшы поездының Қувада да тоқтап өтиўин шөлкемлестириў тапсырылды.

 

ӨзА