Татарстанға сапары шеңберинде Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы республикамыз делегациясы “Алабуға” арнаўлы экономикалық аймағына барды.

“Алабуға” бүгинги күнде Россия Федерациясы аймағындағы ең ири санаат типиндеги арнаўлы экономикалық зоналардың бири есапланады. Бул жерде жүк автомобильлери ушын тиркемелер, пластикалық өнимлер сыяқлы бир қатар санаат өнимлерин ислеп шығарыў бағдарында әмелге асырылып атырған перспективалы жойбарлар, экономикалық зонада жаратылған шараятлар көзден өткерилди. Сондай-ақ, делегация ағзалары арнаўлы экономикалық зонада жайласқан Алабуға Политехника инженерлик колледжи жумыслары менен жақыннан танысты. Колледжде инженерлик бағдары, санаат өндириси, электр энергетикасы, химия-технология, робототехника бойынша билим берилиўи жолға қойылған болып, экономикалық зонаның өзи колледж питкериўшилери ушын келешектеги жумыс орны есапланады.

Колледж ҳәкимшилиги менен сөйлесиўлер даўамында Қарақалпақстанлы жаслар ҳәм мигрантларды оқытыў бойынша келисимге ерисилди. Сондай-ақ, Татарстан тәжирийбеси бойынша IT тараўы бағдарында қәнигелерди таярлаў бойынша да келисимге ерисилип, алдағы режелер белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.