Алдын хабар бергенимиздей «Биз бир болсақ-бир халықпыз, бирлессек Ўатанбыз!» сүрени астында республикамыз бойлап өткерилип атырған  мәнаўият фестивалы көтериңки руўхта өткерилмекте. Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Мәденият министрлиги, Өзбекстан мәҳәллелер ассоциациясы, «Маърифат» үгит-нәсиятшылар жәмийети, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы менен  биргеликте шөлкемлестирилип атырған фестивал шеңбериндеги илажлар аймақлардағы мәденият ҳәм көркем өнер орынлары, орайлық майдан ҳәм ойын майданшалары, меҳрибанлық ҳәм мүриўбет үйлери, имканияты шекленгенлер ҳәм арнаўлы тәрбия орынлары, әскерий бөлимлер, кәрхана, шөлкемлер, ең шетки аймақлар, мәҳәлле, аўыл ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында өткерилиўи белгиленген. Өткерилип атырған илажларда елимизге белгили жазыўшы-шайырлар, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, “Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийети ағзалары, көркем өнер тараўы хызметкерлери қатнаспақта.

Тақыятас районындағы «Айдын жол» МПЖ да жайласқан 4-санлы мектепте фестивал шеңбериндеги бағдарламалар даўам етип, қатнасыўшылар мектеп жанында шөлкемлестирилген музейге саяхат етип, экспонатларды тамашалады. Буннан соң илаж ушырасыў кешеси менен даўам етип, онда мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар инсан қәдири ушын екенлиги атап өтилип, миллетлер аралық татыўлық, тынышлықты қәдирлеў ҳаққында пикирлер айтылды.

***

Хожели районында өткерилип атырған фестивал бағдарламасы «Руўхыйлық сааты» менен даўам етти.  “Шағала көл” мәҳәллесинде жайласқан  5-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде фестивал мийманлары ҳәм район турғынларының қатнасыўында мәдений-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди. Онда «Мәҳәлле жетилиги» ниң халқымыз турмысында тутқан орны, елимиз ғәрезсизлигиниң  33 жыллығы алдынан өткерилип атырған фестивалдың әҳмийети ҳаққында айтып өтилди. Буннан соң “Наўрыз” мәҳәллесинде жайласқан футбол майданшасында “Кинокәрўан” жойбары тийкарында район халқына  кинофильм көрсетилди.

***

Фестивал шеңберинде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, “Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийети ағзалары ҳәм көркем өнер ғайраткерлери,  жазыўшы шайырлардан ибарат дөретиўшилик топар ағзалары Нөкис районынада да мийманда болды. Дәслеп Едиге бағына саяхат шөлкемлестирилди. Саяхат даўамында мийманларға район тарийхы ҳаққында мағлыўматлар берип өтилди. Фестивал район аймағында жайласқан  71181-санлы әскерий бөлимде «Руўхыйлық сааты»  менен даўам етти.

***

 Мийманлар Қараөзек районы қәнигелестирилген мектебиниӊ ишки имканиятлары менен танысып, мектеп оқыўшылары менен ушырасты ҳәм оларға естелик саўғаларын тапсырды. Фестивал райондағы мәҳәллелерде ҳәр қыйлы мәдений илажлар менен даўам етип, жаслар арасында «Зәкаўат» ҳәм спорт ойынлары өткерилди. Сондай-ақ, спортқа белсене қатнасқан нураный спортшылар сыйлықланды.

Фестивал әйне пайытта республикамыз бойлап даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.