Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында жуўапкерлер ҳәм исбилерменлерден ибарат делегация Татарстанның Казань қаласында әмелий сапарда болмақта.

Дәслеп Казань Экспо халықаралық көргизбе комплексинде Татарстан Республикасы саўда-санаат палатасы басқарма баслығы Ш.Агеев пенен ушырасыў болып өтти.

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, Қарақалпақстанның инвестициялық тартымлылығын арттырыў бағдарында Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған реформалар, жаңа жойбарлар ушын кең имканиятлар, перспективалы жойбарларды иске түсириў ушын жаратылған шараятлар ҳаққында кең түрде атап өтти. Илажда республикамыздан барған ҳәм Россия Федерациясынан 100 ге шамалас исбилермен қатнасты.

Илажда бирге ислесиў бойынша жаңа жойбарларларды әмелге асырыў, исбилерменликти раўажландырыў, инвестициялық жойбарлар үстинде бирге ислесиў, товар алмасыўларды жолға қойыў ҳәм кеңейтиў мәселелери талқыланды.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде халықаралық байланысларды беккемлеў, саўда-экономика, инвестиция, гуманитар тараўлар ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиўлерди жолға қойыў ҳәм кеңейтиў бойынша Президентимиз тәрепинен кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы аймақлары менен бир қатар бағдарларда бирге ислесиўлер жолға қойылған болып, бул байланыслар жәнеде беккемленбекте.

Сондай-ақ, еки ел арасындағы байланысларды еле де беккемлеў бағдарында шериклик қатнасықларын буннан былайда даўам еттириў мәселелери сөз етилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегация Казань Экспо халықаралық көргизбе комплексинде Қурылыс ҳәм пардозлаў материаллары технологиялары ҳәм үскенелериниң халықаралық қәнигелестирилген көргизбесинде қатнасты.

Бул жерде Россияның 14 ўәлаяты ҳәм Татарстанның 7 қаласынан 60 тан аслам қатнасыўшы өз өнимлери менен қатнасты.

Көргизбениң ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, илаждың жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын өз миннетдаршылығын билдирди ҳәм делегация ағзаларына бул көргизбе қурылыс тараўындағы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын талқылаў, аймақлардың бизнес орталықлары арасында шериклик байланысларын орнатыў ушын нәтийжели майдан бола алатуғынлығын атап өтти.

Республикамыз делегациясының сапары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.