Президент Шавкат Мирзиёев 9-июль күни геология тараўындағы жумыслар ҳәм инвестициялық жойбарлардың орынланыўы менен танысты.

Жуўапкерлер жылдың басында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша мәлимлеме  берди.

Соның ишинде, өткен 6 айда дерлик 3 миллион тонна көмир қазып алынған. «Шарғункөмир» акционерлик жәмийетинде механизацияласқан жер асты комплекслери толық иске қосылып, көмир қазып шығарыў бир суткада 3,5 мың тоннаға жеткерилген.

Екинши ярым жыллықта және 5 миллион тоннадан аслам көмир қазып алыныўы режелестирилген. Соннан 1,8 миллион тонна ыссылық электр станцияларына, 1 миллион тоннадан асламы халыққа, 540 мың тонна социаллық мәкемелерге жеткерип бериледи. 1,8 миллион тонна жергиликли көмир биржа саўдаларына шығарылады.

Улыўма етип айтқанда, быйыл көмир қазып шығарыў өткен жылға салыстырғанда 1,4 миллион тоннаға көп болып, импорт көлеми сезилерли қысқарады.

Тармақта бир қатар инвестициялық жойбарлар да әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Нишбош кәнин өзлестириўге Қытайдың «Henan» компаниясы 400 миллион доллар тиккелей инвестиция киргизиўи нәзерде тутылған. Бул жойбар нәтийжесинде жер асты усылында тиккелей инвестиция киргизиў нәзерде тутылған. Бул жойбар нәтийжесинде жер асты усылында жылына 8 миллион тоннаға шекем көмир қазып шығарыў ҳәм соннан 5 миллион тоннасын байытыў режелестирилген.

Елимизде каолидиң де үлкен резерви бар. Ҳәзирги ўақытта кәнлерди өзлестириўге тартылған исбилерменлер тәрепинен 396 мың тонна өним қазып алынбақта. Бул оғада аз.

Сол себепли, 2024-2025-жыллары Геология бағдарламасы шеңберинде 7 кән интакерлерге усыныс етиледи ҳәм бул арқалы қазып алыў көлеми 2 миллион 700 мың тоннаға жеткериледи.

Ташкент ўәлаятындағы «Апартак-3» кәни негизинде Түркияның «Bab Energy ve Petrol Urunleri A.S.» компаниясы менен биргеликте жумыс алып барылмақта. 15 миллион доллар муғдарында бул жойбар нәтийжесинде 40 жаңа жумыс орны жаратылып, жылына 70 мың тонна байытылған каолин таярланады.

Усы жылы 29-апрель күни болып өткен мәжилисте мәмлекетимиз басшысы санаат ушын әҳмийетли минераллар мәселесине айрықша итибар қаратқан еди. Буннан кейин, бул бағдарға қәнигелескен «Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты» акционерлик жәмийети шөлкемлестирилди. Илимий ҳәм технологиялық изертлеў ҳәм геологиялық-излеў жумысларына қаратылған 40 миллион доллар муғдарында 34 жойбар ислеп шығылды.

Бул тармаққа жетекши сырт ел компанияларын ҳәм маман экспертлерди тартып, өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў илажлары көрилмекте. Соның ишинде, өткен айда Корея Республикасы Президентиниң мәмлекетимизге сапары шеңберинде «KIGAM» институты менен сийрек ушырасатуғын минералларды излеў, технологиялық изертлеўлер өткериў ҳәм санластырыў бойынша 10 миллион доллар муғдарында грант жойбары бойынша келисимге қол қойылды.

Қытай Халық Республикасы менен биргеликтеги улыўма баҳасы 800 миллион доллар муғдарында жойбарлардың барысы ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Мәмлекетимиз басшысы геологиялық-излеў жумысларын кеңейтиў, алынған шийки затлардан қосымша баҳалы өнимлер ислеп шығарыў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА