Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-июль күни Япония халықаралық бирге ислесиў банки (JBIC) баслығы Тадаши Маэда басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Бул жетекши қаржы институты менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеӊейтиў ҳәм Япония компаниялары менен кооперация жойбарларын алға қойыў мәселелери көрип шығылды.

2019-жыл декабрь айында Японияға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапар еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан жаӊа басқышқа алып шығып, әмелий мазмун менен байытқаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өз-ара саўда ҳәм Японияныӊ Өзбекстан экономикасына тиккелей инвестицияларыныӊ көлеми артып бармақта, жаӊа биргеликтеги кәрханалар шөлкемлестирилмекте.

JBICтиӊ мәмлекетимизде әҳмийетли инвестиция жойбарларын әмелге асырыўдағы тийкарғы орны атап өтилди. Бүгинги күнде нефть-химия, тоқымашылық санааты, энергетика ҳәм инфраструктураны модернизациялаў сыяқлы тараўларды қамтып алған биргеликтеги жойбарлар портфели 3,7 миллиард доллардан артты.

“Sojitz” корпорациясыныӊ Өзбекстандағы жумысы жоқары баҳаланды. Оныӊ менен биргеликте нефть-газ тараўында бир қатар ири жойбарлар әмелге асырылды. Күни кеше Ташкент қаласында компания ўәкилханасыныӊ ашылыўы болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы “жасыл” энергетика, геология, инфраструктураны модернизациялаў, коммунал хожалығы ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында Япония компанияларыныӊ қатнасыўында жаӊа кооперация жойбарларын тез пурсатта таярлаў ҳәм әмелге асырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Япония халықаралық бирге ислесиў банки менен үш жыллық бирге ислесиў бағдарламасын, сондай-ақ, “Sojitz Corporation” менен Өзбекстан экономикасыныӊ жоқары технологиялық тармақларында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша “жол картасы”н қабыл етиўге келисип алынды.

ӨзА